(Гүрриң)
Ҳәр қашан келини зағара жаўса Оразымбет ғаррының ядына анасы түседи. Сол аты өшкир урысқа атланып атырған гезинде анасының қос зағараны тислетип, бирин өзи алып қалып, биреўин бийдай нанлар менен қосып түйиншикке түйип берип жибергени тап бүгингидей есинде.
Басқалар қатарында Оразымбетти де сол дәўирдиң сиясаты аяп отырмады. Он сегиз жасында урысқа атланды. Жақында ғана майып әкесиниң орнына қазыўға барып зорға қутылған оны еле сүйеги де қатағоймаған бала деп ҳеш аямады. Колхоз баслық өзи дизимге алып, урыс майданына жиберди. Үй жумысларының бәри анасының мойнында қалды. Ашлық, жоқшылық, репрессияның қылышынан қан тамған, бир жағынан халықтың фашистлерге қарсы гүресип атырған урыс дәўириндеги аўыр мүсийбетлер ата-балаға, бала-анаға пана болалмай, күни-түни мийнет ислеп, тапқан бир тислем зағарасын аяқ көсилип жей алмайтуғын, тек ғана «қус уйқы» менен-ақ күни бойы қазыў, түни менен жоңышқа орып, ғөрек шығаратуғын ала-сапыранлы жыллар халықтың басындағы аўыр тәғдири еди. Урыс майданында жүрсе де Оразымбеттиң ойы бәрқулла аўылын, ата-анасын ойлаў менен өтер еди…
-Тревога, тревога. Турың ҳәмме. Ҳәмме өз орынын ийелесин,-түн ортасында старшинаның берген буйрығын еситкен еситти, еситпеген не деп сораўға да пурсасы болмай, жаўын тамшыларындай төбеден түсип атырған оқлардан қорғаныў ушын ҳәмме тым-тырақай қашып, қолларына илинген қуралларын алып жуўырысып жүр. Қуралларын ала алмағанлар пана излеў менен әўере. Урыс майданына түскенине жаңа еки күн болып атырған Оразымбетти күтилмеген мына ҳүжим тәўирақ албыратты. Ол қолындағы қуралын алып жән-жаққа атып жүр. Жаўға қарап атқан оқлары бири тийсе, бири тиймей, басқа жаққа қарай ушып атыр. Бир ўақытта көкирегине келип урылған соққыдан ҳуўшын жоғалтты. Оннан кейин не болды, не қойды еслей алмайды. Соннан госпитальда көзин ашты.
-Это что. Хлеб. Төбесинде қанға былғанған зағараны қолына алып русша сөйлесип турған врач пенен санитарканың даўысынан өзине келген Оразымбеттиң мийи мең-зең болды. Қойын қалтама салған зағара олардың қолына қалай түсип қалды, мен бул жерде неғып жатырман, булар ким, қай жерде жатырман»,-деген сораўларды тек өзине берип, ҳайран болып жатыр. Олар менен сөйлесейин десе русшаны дурыслы билмейди. Соң билсе, снарядтың қыйқымы келип көкирекке урылғанда қойын қалтасындағы анасы берген зағараны тесип өтип, оң жақтағы қабырғаны сындырған екен. Еледе қатып қалған зағара күшли соққыға қорған болған, болмаса Оразымбеттиң жарақаты буннан да күшли болар еди. Госпитальда ол жигирма күн жатып, емленди. Еле толық саўалланбаса да оны саўаш майданына қайтадан жиберди. Фашистлердиң ҳәр бир ҳүжими оны қырағы әскер болыўға тәрбиялады. Қасындағы қураллас досларының биймезгил шейит кетиўлери оны және де дәўжүрек болып, фашистлерден олардың өшин алыў ушын руўхландырды. Урыста немистиң еки әскерин қолға алып, көкирегине медаль тағып, әскерий дәрежеси көтерилди.
-Ой, баўырым. Мен қазақпын. Туўмам екенсинғой,-деп саўаш майданында қазақстанлы қураллас достысының қушақлап көрисип, қуўанғаны узаққа бармады. Қай жақтан келди белгисиз, қаңғымай оқ келип Оразымбеттиң бел омыртқасына тийди.
-Ой оңбағырлар, жаңа ғана қырып болып едик ғой. Қай жақтан шықтыңлар,-деп қазақ досты қолына автоматын алып, оқ атқан тәрепке қарай үзликсиз ата баслады. Соннан кейин Оразымбет аяққа тура алмады. Снайперден атылған оқтан ол бир өмирге майып болып қалды. Узақ емлениўден соң шаңарағына келип оралды.
-Баўырым, айнанайын. Аман саў келеғойдыңба. Жаның аман қалғанына шүкир,-деп аймалап сүйип атырған анасын ол қапсыра қушақлап узақ турды. Бирақ ол өз аяғына емес, бир аяғы менен қолтық таяққа сүйенип турған еди.
-Анажан мени кешир. Мени он еки мүшем менен дүньяға келтирип, он еки мүшем толық ҳалда саўаш майданына шығарып салған едиңиз. Сол аманатыңызды сақлай алмай, перзентиңиз жарымжан ҳалда алдыңызға келип тур,-деп анасының көксине басын қойып, егитилип жылады. Саўаш майданында пышақты тислетип қойып, новакаин менен-ақ, аяғын кескенде де аўырыўдың азарына шыдам берип, көз жас төкпеген жигит анасы алдында кишкене нәрестедей жылады.
-Қарағымаў, өйдеме балам. Бир аяқтан айырылсаңда тири келгениңе шүкир. Ўатанды қорғаў ушын, бизлерди фашист басқыншылардан қорғаў ушын бердиңғой бул аяқты. Қапа болма балам. Саған ырзаман. Жаўынгер мәрт перзентти тәрбиялағаным ушын берген ақ сүтиме, берген тәрбияма ырзаман балам.
Күн суўық. Ызғырық самал менен бетиңе келип урылып атырған қардың ушқынлары етиңди түршиктиреди. Лекин туўылған жердиң таза ҳаўасы менен қыслаў ушын жер астына қазылған төлени паналап атырған шаңарағы Оразымбет ушын жәннетмәкан жер еди. Таяққа таянып, төлеге еплеп түскени де сол төрде жатаққа жатып қалған әкесин көрип, жүреги елжиреп кетти. Ол енди бир емес, еки майыпқа қарайтуғын анасын аяды…
Урыстан кейинги халықтың басындағы аўыр күнлер қатарында олардың да күни еплемей өтип атыр еди. Ерте бәҳәрде әке бул дүнья менен хошласып кете берди. Енди изине ерген иниси менен қарындасы қап қолласып анасына жәрдемши болып, не жумыс болса мийнеттен қашпай күн көриўдиң ғамында еди. Оразымбет те қарап отырмады. Етикши болды. Бирақ, бир күни анасы оған:
-Балам, етикши де жаман өнер емес, бирақ мен сениң оқып, билим алыўыңды қәлеймен. Оқы балам. Бизлерди қайғырма, күнимизди көремиз. Иниң де ер жетип, үлкен жигит болды. Қарындасың да қолға илинип қалды. Изиңе қарамастан пайтахтқа барып оқыўға тапсыр-деди.
Аўыр жумыстан қырық жарық болып жарылып күсил басқан анасының қолларын ол бетине басып узақ турды.
-Анажаным, қалай болар екен. Сизлерди бул жағдайда таслап, мен пайтахтта қалай жүремен…
Ана пақыр тапқан жүўери унын гешир менен қарып бир тандыр зағара жапты. Қосыўға бийдай уны жоқлығынан зағарасы қатып, бөлинип-бөлинип кетти. Шүберек дорбасына салып, перзентин пайтахтқа оқыўға жиберди…
Жыллар ҳеш кимди де аяп отырмайды. Қанша жыллар өтип, талай таңлар атып, талай күнлер батты. Дәрьяда талай суўлар ағып, талай қуслар ушып кетти. Усы жыллар аралығында кемликтен камал тапқан Оразымбет оқып, узақ жыллар даўамында аўылындағы мектепте оқыўшыларға билим берди. Сүйген қызына үйленип, ул-қызлы болды. Анасы ақлықлар сүйип, қартайған гезинде перзентлериниң иззетинде жасады…
Мине, еки күннен берли Оразымбет ғаррының мазасы болмай сирә дәм татпады. Кемпири де бес жыл бурын қайтпас сапарға кетти. Күнде кирип-шығып, отын усақлап, ақлықларын бағып келинине көмекши болып отырған ғарры бирден аўырды. Келини пақыр «ата не жейсен, не ишесең» деп түрли аўқатларды писирип берип атыр, бирақ мына бирден тийген тымаў менен ишбурыў оның мазасын алып тур. Аўзының ишинде балықтың өти жарылғандай зәҳәр-заққым. Түни менен ети қызып, қалтыратпа тийип ийеги қалшылдап шықты. Баласы да ҳәкисине Ташкентке оқыўға кеткен. «Доктор шақырайын», деген келинине ештеңе қылмайды деп, қырсығып отыр ғарры. Түни менен ыңқылдап аўырып шыққан ғаррының таңда көзи илинип кеткен екен. Мурнына аңқ етип урылған ыссы зағарының ийиси менен ақлықларының шықлықласқан даўысынан оянып кетти. Келини азан менен зағара жапқан екен.
-Ата, тәўирсизбе. Турың шай демледим. Дәриңизди жең. Бүгин балаңыз келеди,-деген келининиң даўысына еплеп турып, көпшикке сүйенип отырды.
-Ана зағараны әпер балам маған. Бир ийискеп ийсине тояйын.
Ғарры келини әкелип берген зағараны ийискеп, баўырына басты да:
-Ыразман балам ырзаман. Бәриңизден ырзаман. Өмириме ырзаман. Тек ғана бир әрманым қалды орынланбаған, анам пақырды ҳажы зияратына жибере алмадым. Сол ўақыттағы заман жол қоймады. Заман жол қоймады…
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабара агентлиги