Орайлық банктиң Банк қадағалаўы комитети усы жылдың ноябрь айындағы мәжилислеринде 32 мәселени көрип шықты ҳәм тийисли қарарлар қабыл етти.
Дизимге алыў ҳәм руқсат бериў бағдарында 13 мәселе, соның ишинде, кредит шөлкемлериниң уставына киргизилген өзгерислерди дизимнен өткериў, банклерде аудит өткериў ҳуқықын бериў ушын аудиторлық қәнигелик сертификатын бериў, кредит шөлкемлериниң устав фондындағы үлесине ийелик етиў ушын руқсат бериў ҳәм коммерциялық банклердиң бақлаў кеңеси ҳәм басқарма ағзалары ҳәм айрықша әҳмийетке ийе хызметкерлериниң кандидатураларын көрип шығыўға байланыслы мәселелер көрилди.
Регулятор тәрепинен коммерциялық банклер, микроқаржы ҳәм төлем шөлкемлеринде өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде анықланған нызамбузыўшылықлар ушын 22 банк ҳәм 3 төлем шөлкеми илаж ҳәм санкциялар қолланылыўы ҳаққында ескертилген.
Соның менен бирге, әмелдеги нызамшылық, Орайлық банк тәрепинен орнатылған экономикалық нормалар талаплары ҳәм көрсетпелерине әмел етилмегени, сондай-ақ, үйрениў ҳәм инспекция тексериўлери даўамында анықланған нызамбузылыўшылықлар ушын 8 банк, 7 төлем шөлкеми ҳәм 12 микроқаржы шөлкемине жәрийма санкциясы қолланылды.
Буннан тысқары, Банк қадағалаўы комитетиниң тийисли қарары менен 7 банк 2025-жыл ушын системалы әҳмийетке ийе банклер сыпатында белгиленди.
Ш.Маматуропова,
ӨзА