Кувейттиң «Alrai Media» басылымы Өзбекстан елшиси Аюбхон Юнусов ҳәм Кувейт жумысшы күши бойынша бас  комитетиниң директоры Мазрук Ал- Утайбий менен ушырасқанын жазып шықты.

Мақалада атап өтилиўинше, тәреплер миграция тараўында бирге ислесиўди  жеделлестириў, Кувейттиң түрли мәмлекетлик ҳәм жеке меншик секторларында елимиздиң пуқараларын нызамлы түрде жумыс пенен тәмийинлеў мәселелерин  додалаған.

Өз-ара сөйлесиў ўақтында Мазрук Ал-Утайбий Кувейттиң мийнет базары талаплары тийкарында зәрүр қәнигеликлер бойынша маман сырт ел жумысшы күшин жаллаў процесин раўажландырыў бойынша мәмлекетте избе-из ҳәрекетлер алып барылып атырғанын билдирген.

Ушырасыўда ҳәзирги күнде Кувейт мийнет базарында тийкарынан денсаўлықты сақлаў ҳәм хызмет көрсетиў тармақларында жумысшы күшине талап бар екенлиги мәлим етилди. Бул тараўларда Өзбекстан пуқараларын Кувейтте жумыс пенен тәмийинлеў  ушын еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳуқықый меншик тийкарларын жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиў жуўмағында еки мәмлекеттиң тийисли шөлкемлери арасында жеке меншик секторда жумысшы күши менен алмасыў тараўында өз-ара келисим меморандумы жойбарын ислеп шығыў ҳәм қол қойыў, сондай-ақ, тәреплер арасында  онлайн сөйлесиўлер өткериў ҳаққында келисип алынды.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА