Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен халықаралық шөлкемлер менен биргеликте ҳаял-қызлардың машқаласына байланыслы түрли жойбарларды әмелге асырыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова ҳәм Азия раўажланыў банки ўәкиллериниң ушырасыўы болып өтти.
Бул сөйлесиўден гөзленген мақсет, әмелге асырылыўы мүмкин болған жойбарлар, бирге ислесиўдиң перспективаларын додалаў, еки тәреплеме бирге ислесиў бағдарларын кеңейтиўден ибарат.
Ушырасыўда мийман тәрепинен енгизилиўи нәзерде тутылып атырған Техникалық жәрдем жойбары таныстырылды.
Комитет ҳәм оның 14 аймақлық бөлимлериниң кеминде 30 хызметкери ушын гендер бюджетлестириў, гендер аудити, гендерге тийкарланған зорлық-зомбылықтың алдын алыў бойынша тренинглер өткериў нәзерде тутылмақта.
Соның менен бирге, Мәсләҳәт кеңеслериндеги жумыс барысының нәтийжелилигин арттырыўға жәрдем бериў, мәмлекетлик уйымлар Мәсләҳәт кеңеслериниң жумысларын режелестириў бойынша әмелдеги инструкцияларды, гендер жумысының бағдарламасын көрип шығыў ҳәм жаңаланған, жетилистирилген инструкцияларын таярлаў мәселелерине де итибар қаратылды.
Гендер мәселелери бойынша келешектеги бирге ислесиў ушын усыныслар ислеп шығыў ҳаққында сөйлесилди.
Ушырасыў жуўмағында Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова халықаралық қаржы институты тәрепинен усыныс етилип атырған жойбарлардың қоллап-қуўатланатуғын ҳәм тийисли усыныслар билдирилетуғынын мәлим етти.
Н.Усмонова, ӨзА