Өзбекстан Республикасында декабрь айының екинши екшембиси “Аўыл хожалығы хызметкерлери күни – зүрәәт байрамы” сыпатында кеңнен белгиленип, бул күни елимиздиң дийқан ҳәм фермерлерине ҳәм қыйтақ жер ийелерине ҳүрмет көрсетилип, байрам илажлары шөлкемлестириледи.
Аўыл ҳәм суў хожалығы тараўы, фермер ҳәм дийқан хожалықлары басшыларының қатнасыўында байрам мүнәсибети менен өткерилген илажда тараў пидайыларын сыйлықлаў мәресими болып өтип, онда тараўда пидайылық үлгисин көрсетип киятырған фермерлердиң қатарында Қанлыкөл районындағы «Қәдирбаев Махмудалий» фермер хожалығының баслығы Махмудалий Қәдирбаев та “Илғор фермер” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
– Мен 2017-жылы Нөкис Спорт колледжин табыслы тамамлап, Президентимиздиң жасларды қоллап-қуўатлаўларынан илҳам алып, «Жалғас палўан» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин шөлкемлестирип, 4 гектарлық майданда жасалма балықшылық көлин ашып, өз исбилерменлик жумысымды баслаған едим,-дейди М.Қәдирбаев.
2018-жылдан берли халқымызға балық өнимлерин арзан баҳада жеткерип бериўге ҳәрекет етип атырман. Өткен 2023-жылы тапқан пайдамыздан 30 миллион сумға көлимизди қайта қаздырдық. Алдағы ўақытлары шабақ жетистириўди де режелестирип атырман.
Аўылдың баласы болғаннан кейин дийқаншылықтан да хабарым бар. Сонлықтан, әкем Жалғасбай Қәдирбаевтың мәсләҳәтлери, берген аталық жәрдеминиң арқасында тек балықшылық пенен шекленип қалмастан 2018-жылы «Қәдирбаев Махмудалий» фермер хожалығын ашып, хожалыққа тийисли 98 гектар жерден пахта ҳәм бийдай жетистирип мәмлекетимиз қырманына өз үлесимизди қосып атырмыз. Ҳәзирги ўақытта еки сүрим ҳәм еки жер тегислеўши пахташылыққа арналған тракторларымыз ҳәм баска да аўыл хожалығы техникаларымыз бар.
Жер тегислеўши техникалар ушын мәмлекетимиз тәрепинен берилген 30 процентлик субсидиядан пайдаланып, лазерлеп тегислеўши техниканы да кредит тийкарында алдык. Соның арқасында жумысларымыз және де өнимли болады, соның менен бирге, суўды үнемлеўге мүмкиншилик жаратылады, деген пикирдемен.
Быйыл 45 тонна бийдай, 100 тонна пахта өнимин жетистирдик. Ислеймен, өзиме де, халыққа да пайдамды тийгиземен, дегенге аўылда да мүмкиншилик көп, Ҳүкиметимиз тәрепинен бул ушын барлық шараятлар жаратылған.
Алдынғы мийнетлеримизди, соның ишинде, быйылғы жетискенликлеримизди есапқа алып зүрәәт байрамы қарсаңында мени де алдынғы фермерлер қатарына қосып сыйлықлағаны ушын Президентимизден, республикамыз басшыларынан миннетдарман.
Бундай итибар, әлбетте, биздей жас дийқан ҳәм фермерлерди еле де жоқары нәтийжелерге ерисиўге илҳамландырады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги