Бул процесске таярлық қалай болмақта?

2025-жыл 1-январьдан баслап жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў  дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша район, қала судларында айрықша судьялар – тергеў судьялары тәрепинен көрип шығылады.  Яғный, тергеў судьялары жумыс баслайды.

Бул мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 10-июньдеги «Тез-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында белгиленген.

Жоқары  судта тергеў судьясы институты енгизилиўи шеңберинде әмелге асырылған  жумыслар, тергеў судьяларының ўазыйпалары ҳәм тийкарғы бағдарларына байланыслы мәселелер бойынша баспасөз әнжуманы өткерилди.

Жоқары суд баслығының орынбасары Икром Муслимов пәрманнан келип шығатуғын  ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилиўинше, пәрман менен «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине тез-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен  еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиўге қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ўаққында»ғы  нызам жойбары ислеп шығылды. Мәпдар уйымлар менен келисип, Олий Мажлис Нызамшылық палатасына  киргизилди.

Тергеў сульясы лаўазымы енгизилетуғын жынаят ислери бойынша район, қала судларына тийисли штатлар ажыратылып, 2024-жылдың 18-октябрь күни Экономика ҳәм қаржы министрлигинде дизимнен өткерилди. Ҳәзирги күнде 236 тергеў судьялары тайынланды.

Жоқары суд тәрепинен халықаралық шөлкемлердиң жәрдеминде тергеў институты  енгизилген алдынғы сырт мәмлекетлер, атап айтқанда, Словения ҳәм Германия экспертлериниң қатнасыўында семинар-тренинглер шөлкемлестирилди.

Онда тергеў судьялары ҳәм прокурорлардың жынаят процесиндеги ўазыйпалары ҳәм миннетлемелери, судқа шекем ис жүргизиў процесслеринде шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бойынша Европа мәмлекетлериниң тәжирийбеси ҳәм бул бағдардағы суд әмелияты толық  түсиндирилди.

Тергеў судьясы институтының мазмун-мәнисин тереңирек үйрениў мақсетинде аймақларда ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди. Аймақларда өткерилген маманлық арттырыў илажларында судьялар, тергеўшилер ҳәм басқа  ҳуқық қорғаў уйымларын хызметкерлери қатнасты.

Ҳәзирги күнде Жоқары суд, Судьялар жоқарғы кеңеси ҳәм Судьялар жоқары мектеби менен биргеликте орынлардағы судьялар, тергеўши, прокурор, адвокат ҳәм басқа ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң билим ҳәм әмелий көнликпесин арттырыў бойынша семинар сабақлары режеси ислеп шығылған.

2025-жылдың 1-январь күнине шекем Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында бул илажларды өткериў режелестирилген.

Н.Абдураимова, ӨзА