Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясы басланды. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

 

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

 

Жыйналысты Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Атабек Давлетов ашты. Сессияның секретариаты сайланып, күн тәртиби тастыйықланды, Ақсақаллар кеңеси ҳәм Есап-санақ комиссиясы қурамы дүзилди.

 

Ақсақаллар кеңесиниң қарарына муўапық, Жоқарғы Кеңес Баслығы лаўазымына Камалов Мурат Қаллибековичтиң кандидатурасы усыныс етилди.

 

Жоқарғы Кеңес депутатлары, жәмийетшилик ўәкиллери сөзге шығып, талабанды қоллап-қуўатлады.

 

Жасырын даўыс бериў жолы арқалы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына Мурат Камалов сайланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.