«Улыўма аўқатланыў орынларында шийки таўық мәйегинен

таярланған тағамларға буйыртпа бериў керек емес», деп айтпақта ветеринария шыпакери Алексей Кухно.

Қәниге бунда тирамису торты ҳәм карбонара пастасын мысал етип келтирди.

Қәнигениң айтыўынша, бул тағамлардың қурамындағы шийки таўық мәйегинде аўқаттан күшли зәҳәрлениў жағдайын келтирип шығаратуғын сальмонелла бактериясы болыўы мүмкин.

Сонлықтан Алексей Кухно бундай тағамларды таярлаўда бөдене мәйеклеринен пайдаланыўды мәсләҳәт етпекте.

Атап өтилиўинше, бөденелер дене температурасы жоқары болғанлығы себепли сальмонеллёзға бейим болмайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги