25-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасының Биринши Президенти–Елбасы Нурсултан Назарбаевтың әмелий ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў Қазақстан тәрепиниң мирәт етиўине бола Түркстан ўәлаятының Өзбекстан менен шегаралас аймағындағы Сарыағаш қаласында өткерилди.

Еки мәмлекеттиң жетекшилери Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын додалап, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуаль мәселелер бойынша пикир алысты.

Коронавирус инфекциясы глобал көлемде тарқалыўының ақыбетлерин тез пурсатта жеңип өтиў мақсетинде ҳүкиметлер дәрежесинде тығыз муўапықласыў ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди даўам өттириўге айрықша итибар қаратылды.

Еки тәреплеме саўда көлемин арттырыў ҳәм товар алмасыўдың өз-ара келисилген көрсеткишлерине ерисиў ушын қолайлы шараятлар қәлиплестириўди даўам еттириў, қабыл етилген қоспа «Жол қартасы» шеңберинде санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм транспорт тараўларында кооперация бойынша тийкарғы жойбарларды әмелге асырыўға жәрдем бериў, аймақлараралық байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, регионаллық шерикликти, соның ишинде, 2019-жыл ноябрь айында Ташкент қаласында өткерилген  Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўының жуўмағында ерисилген келисимлер  тийкарында алға қойыў мәселелерине тоқтап өтилди.

Буннан тысқары, ҒМДА шеңбериндеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.

Сәўбетлесиў ўақтында Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев туўысқан Өзбекстан ҳәм Қазақстан халықлары арасында жақсы қоңсышылық қатнасықларын ҳәм ҳәр тәреплеме байланысларды беккемлеўде бәрқулла исенимли екенликлерин және бир мәрте атап өтти.

Ушырасыў ҳәр қашанғыдай ашық ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА