Усы жылдың 28-29-сентябрь күнлери Халықаралық мәлимлемеден улыўма пайдаланыў күни мүнәсибети менен «Жанды аман сақлап, исенимди беккемлеп, үмит бағышлап мәлимлеме алыў» темасында онлайн додалаў болып өтеди.

Онда ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуле, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, ЮНЕСКО ислери бойынша миллий комиссияның баслығы Азиз Абдуҳакимов ҳәм басқалар қатнасады.

Илаж Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Халықаралық архивлер кеңеси, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, «Twitter» социаллық тармағы, «Ашық ҳүкимет» бирге ислесиў басламасы, «Transparency International» илимий-өндирислик  бирлеспеси сыяқлы жетекши шөлкемлер ҳәм структуралар басшыларының қатнасыўында өткериледи.

Усы жерде Өзбекстан бундай абырайлы форумға мирәт етилген бирден-бир мәмлекет екенлигин атап өтиў зәрүр.

Бул Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен ашық-айдынлық ҳәм еркин пикирлиликти тәмийинлеў жолында алып барылып атырған сиясат нәтийжесинде мәмлекетимизде жүз берген өзгерислердиң тән алыныўы болып есапланады.

 

ӨзА