Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимшелери  хызметкерлери арасында триатлон бойынша жарыс болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы сәркардасының усы жыл 28-август күнги буйрығы тийкарында өткерилген жарыста 1- Айрықша отряд хызметкери, қатардағы Ф.Жумабаев биринши, 2-Айрықша отряд хызметкери, қатардағы У.Айтбаев екинши, 9- Айрықша отряд хызметкери, қатардағы Д.Жийенбаев үшинши орынларды ийеледи.

Сондай-ақ, 8-Айрықша отряд хызметкери, қатардағы Ф.Қурбанбаев «Жеңиске умтылысы ушын»,  1Айрықша отряд хызметкери, қатардағы С.Багибаев «Айрықша белсендилик көрсеткени ушын» арныўлы сыйлықларына ийе болды.

Жеңимпазлар  Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы  тәрепинен диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалппақстан хабар агентлиги