Күни кеше Шоманай районы орайлық стадионында футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы ХХVII-Чемпионаты “KUSHMAG” 2-лигасының «Д» топары 2-тур ойыны болып өтти.

Онда Шоманай районының «Мамый» ҳәм Мойнақ районының «Арал» командалары өз-ара күш  сынасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған ойын жуўмағында Шоманай районының «Мамый» командасы 3:0 есабында Мойнақ районының «Арал» командасы үстинен жеңиске еристи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги