Сырт ел медицина хызметкерлери пайдалы өним деп есапланатуғын өнимлер негизинде денсаўлыққа  қәўип салатуғынын анықлады. Бул темаға бағышланған мақала интернет басылымларында жәрияланды.

«Msn.com» порталының жазыўынша, шыпакерлер, соның ишинде, гүришли гүлше наннан бас тартыўды усыныс етеди. Себеби, олар ҳәдден тыс жоқары гликемия индексине ийе. Бул өнимди пайдаланыў артықша салмақты келтирип шығарады.

Сондай-ақ, медицина хызметкерлериниң дүзген дизиминде соя сүти де бар. Соя эстрогенге  уқсайды ҳәм оның рецепторларын жеделлестиреди, делинеди мақалада.

Оннан тысқары, шыпакерлер мюсли пайдаланыўдан ескертти. Бул азықлық калориясына бола чизкейк сыяқлы десерттен қалыспайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги