Абитуриентлер тест сынақларының нәтийжелерин төмендеги усыллар арқалы билип алыўы мүмкин.

 

1-усыл. Мәмлекетлик тест орайының abitur.dtm.uz сайтындағы абитуриенттиң жеке кабинети арқалы. Буның ушын дизимнен өткен телефон номер ҳәм парольди киргизиў керек болады. Егер парольды умытқан болсаңыз, телефон номерге SMS-хабар арқалы келген номерди киргизип, қайтадан пароль қойып, жеке кабинетке кириў имканияты бар.

 

2-усыл. Абитуриент рухсатнамасының төмендеги оң мүйешинде QR-код болады. Усы QR-код астына арнаўлы силтеме жасырынған болады. Блогер Х.Худайбердиевтиң жазыўынша, усы силтеме ашылса, абитуриенттиң тест нәтийжеси көринеди. Ҳәзирги заманагөй смартфонлардың дерлик барлығында QR-кодты оқыў ушын телефон камерасының өзи жеткиликли болады. Телефон камерасын қосып, абитуриент рухсатнамасының төменги бөлиминдеги QR-кодтың үстине камера тутылса, телефон экранында жазыў пайда болады ҳәм abitur.dtm.uz сайтындағы арнаўлы узын силтеме шығады. Сол силтемени браузер арқалы ашсаңыз, нәтийжени көриў имканияты болады.

 

Егер телефон камерасын QR-кодтың үстине тутқанда экранда ҳеш қандай өзгерис болмаса, онда QR-кодты оқыйтуғын арнаўлы қосымша жүклеп алыў керек болады. Мәселен, төмендеги силтеме арқалы қосымшаны жүклеп алыў имканияты бар:

https://play.google.com/store/apps/details?id=tw.mobileapp.qrcode.banner&hl=en_US

 

3-усыл. QR-кодтың сүўретин Телеграмдағы @QRcodegen_bot, @QRCodeRoBot ямаса @CodeScanBot ботларына жиберилсе, сол ўақыттың өзинде топлаған баллды көриўге болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.