Нөкис районындағы гидротехникалық қурылмалардың техникалық жағдайы бойынша “Қуўаныш жарма” ирригация системасы басқармасына қараслы “Дослық-1” суў бөлистириўши қурылмасы, “Суўхожалыққадағалаўы” инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигелери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
Илажға Ирригация системасы басқармасы, Қараөзек районы “Суў жеткериў хызмети” мәмлекетлик кәрханасы хызметкерлери қатнасты.
Илажда, “Суўхожалыққадағалаўы” инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси И.Асаматдинов ҳәзирги қысқы күнлерде жумыс ислеп турған гидротехникалық қурылмалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, техникалық жағдайын үзликсиз қадағалап барыў, оларда машқалалар келип шыққанда, оларды тез сапластырыў илажларын көриў бойынша мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, усы мәселелерге байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша белгиленген ўазыйпалар туўралы түсиниклер берилди.
Илаж қатнасыўшылары Нөкис районы аймағындағы “Дослық-1” каналындағы суў бөлистирилетуғын қурылманың айрықша жағдайларда авариялық аўысық материаллар менен тәмийинленгенин, суў алыў орынларында суўдан пайдаланыў қағыйдаларына әмел етилиўин, суўдың есап-санағы жүргизилиўин ҳәм гидротехникалық қурылмалардың техникалық жағдайын үйренди.
Үйрениў жуўмағында гидротехникалық қурылмалардың техникалық жағдайын турақлы қадағалап барыў, олардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм сақлаў қағыйдаларына әмел етиў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берилди. Соның менен бирге, “Қуўаныш жарма” ирригация системалары басқармасы ҳәм Қараөзек районы “Суў жеткериў хызмети” мәмлекетлик кәрханасы жуўапкерлерине өзлерине қараслы барлық гидротехникалық қурылмалардың техникалық жағдайын жақсылаў бойынша илажлар режесин ислеп шығып, турақлы түрде орынланыўын мониторинг етип барыў ўазыйпасы тапсырылды.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги