Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик мүнәсибетлерин беккемлеў, гуманитарлық тараўдағы көп жыллық нәтийжели бирге ислесиўди және академиялық ҳәм илимий-билимлендириў алмасыўлар бойынша узақ мүддетли бағдарламаларды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаўдағы жеке үлеси, ондай-ақ, халықаралық байланыслар ҳәм экономика тараўында жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаўдағы турақлы қатнасы ушын сыйлықлансын:

«Дўстлик» ордени менен

Торкунов Анатолий Васильевич –  Россия Федерациясы Сыртқы ислер министрлигиниң Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институтының ректоры (Россия Фелерациясы)

Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы стратегиялық шериклик мүнәсибетлериниң раўажланыўына ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге қосқан үлкен үлеси, Өзбекстан Республикасындағы экономикалық реформаларды нәтийжели әмелге асырыўға қаратылған әҳмийетли баслама ҳәм әмелий ҳәрекетлери, Японияның жетекши компания ҳәм шөлкемлери қатнасыўында мәмлекетимиздеги  тийкарғы социаллық, инфраструктура ҳәм инвестициялық жойбарларды, қоспа мәдений-гуманитарлық бағдарламаларды әмелге асырыўға көрсетип атырған үлкен жәрдеми ушын сыйлықлансын:

«Дўстлик» ордени менен

Таро Асо   –  Япония Бас министриниң орынбасары, қаржы министри, Япония парламентиндеги Өзбекстан менен Дослық лигасының баслығы (Япония)

Өзбекстан Республикасы менен ҳәр тәреплеме шериклик мүнәсибетлерин раўажландырыўға байланыслы бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўдағы әмелий жәрдеми, халықлар арасындағы өз-ара бир-бирин аңлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў принциплерин беккемлеў, дослық ҳәм мәдений бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси ушын сыйлықласын:

«Дўстлик» ордени менен

Аҳмад Ражаб Муҳаммад Али Ризқ  –  Каир университетиниң археология факультетиниң профессоры (Египет Араб Республикасы)

Мавланов Шухрат Қурвантаевич  –  «Росагрокомплекс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бас директоры (Россия Федерациясы)

Марк Эдвард Риз  –  Шығыстаныўшы илимпаз, өзбек әдебиятының аўдармашысы (АҚШ)

Махмудова Камола Абдумаликовна  –  Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң үлкен банкири

Муҳаммадзода Ҳусейн Сиддиқ  –  Наўайытаныўшы илимпаз ҳәм әдебиятшы (Иран Ислам Республикасы)

Пракаш Кежривал  –  «Indorama Corporation Pte. Ltd» компаниясының директоры (Сингапур Республикасы)

Элис Уэллс – «Еххоn Mobil» компаниясының халықаралық бирге ислесиў бойынша үлкен мәсләҳәтшиси (АҚШ)

Өзбекстан Республикасында алдынғы сырт ел тәжирийбеси, илим ҳәм технологиялар тийкарында заманагөй денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў бойынша белсене ҳәрекетлери, коронавирус пандемиясына қарсы нәтийжели гүрести шөлкемлестириўде көрсеткен әмелий жәрдеми ушын сыйлықлансын:

I  дәрежели «Саломатлик» ордени менен

Линь  – Ташкент қаласындағы «Өзбек – Қытай дәстүрий медицина орайы» басқармасының баслығы, «Beizhong Yilin Pharm Tech (Beijing) Co., Ltd» президенти (Қытай Халық Республикасы)

Филиз Эрдоған Марашлиоглу –  «Kanimed Saglik Cozumleri LTD» компаниясы басқарма кеңесиниң баслығы (Түркия Республикасы)

Цой Чжэ Ук  – Корея универитетиниң профилактикалық медицина кафедрасының профессоры, Корея медицина ассоциациясы жанындағы «COVID-19» коронавирусына қарсы илажлар көриў бойынша Штаб мәсләҳәтшиси (Корея Республикасы)

Өзбекстан Республикасының турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли басламаларын алға қойыў ҳәм оларды әмелге асырыў, тийкарғы экономикалық жойбарлар ҳәм гуманитарлық бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў, мәмлекетимиздиң халықаралық абырайын арттырыў, сондай-ақ, сырт мәмлекетлер менен дослық ҳәм өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге қосқан үлеси ушын сыйлықлансын:

«Келажак бунёдкори» медалы менен

Асадуллаев Ҳуснулла Шухратилла ўғли  –  Өзбекстан жаслары улыўмажәҳән ассоциациясының Қытай Халық Республикасындағы ўәкили

Бабажанов Бунёдбек Улуғбек ўғли  –  Өзбекстан жаслары улыўмажәҳән ассоциациясының Россия Федерациясындағы ўәкили

«Шуҳрат» медалы менен

Арисланов Саидхмад Саидахроровия  – АҚШтағы «ASO Systems» компаниясының басшысы

Бедиев Камолиддин Асомиддиновия – Берлин қаласындағы Херрман-Шульц атындағы мектептиң немис тили пәниниң оқытыўшысы, Өзбекстан жаслары улыўмажәҳән асоциациясының Германия Федератив Республикасындағы  ўәкили

Зуфаров Шерзод Сабирович  – Францияның «Société Générale» банкиниң жеке секторға инвестиция киргизиў фондының вице-президенти

Ибрагимов Бунёдбек Абдушарипович  – Өзбекстан ҳәм Нагоя дослық жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси ҳәм директоры

Исмаилов Бахром Бахтиёрович  – Москва қаласындағы «Саховат» қайыр-қомлық фондының директоры (Россия Федерациясы)

Өзбекстан Республикасының дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелериниң басшылары Өзбекстан Республикасы Президентиниң атынан мәмлекетлик сыйлықлар салтанатлы жағдайда тапсырылыўын және ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.

Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президент Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 25-август