Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Бүгинги күнде пүткил инсаният қатары көп миллетли халқымыз да коронавирус пандемиясы ақыбетинде жүз берген аўыр сынақ ҳәм қыйыншылықларға қарсы сабыр-тақат пенен гүрес алып бармақта.

Бул үлкен апаттың елимиз турмысына унамсыз тәсирин жумсартыў, пуқаралар саламатлығын сақлаў, оларды социаллық қорғаў бойынша мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз тәрепинен өз ўақтында көрилген илажлар нәтийжесин бермекте. Мине усындай қыйын  ҳәм қәўипли жағдайда мәрт ҳәм ержүрек, кеңпейил халқымыз еле де бирлесип, өз-ара жәрдем, меҳир, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик сыяқлы жоқары инсаный пазыйлетлер ийеси екенин және бир мәрте әмелде көрсетпекте.

Глобал пандемия және түрли тәбийий апат ҳәм айрықша жағдайларға қарсы гүресиў, олардың ақыбетлериниң алдын алыў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бул бағдардағы жумысларды улыўмахалықлық ҳәрекет дәрежесине көтериўге үлкен үлес қосқан, жәмийетимизде тынышлық, дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеўде белсенди қатнасып атырған, бийғәрез көмек жәрдеми және ийгиликли ислери менен ҳәммеге өрнек болып атырған ўатанласларымызды мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде:

  1. 1. Денсаўлықты сақлаў тараўының жанкүйер ўәкиллери, сақаўатлы исбилерменлер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң пидайы хызметкерлери және басқа да интакер ҳәм белсенди пуқаралар «Меҳр-саховат» көкирек белгиси менен сыйлықлансын.
  2. 2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Меҳр-саховат» көкирек белгиси менен сыйлықлаў бойынша министрликлер, мәкемелер, хожалық басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа республикалық шөлкемлер және Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен усынылған дизимлерди көрип шықсын ҳәм тастыйықласын.
  3. 3. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына «Меҳр-саховат» көкирек белгилерин тапсырыўға байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  4. 4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл  26-август

 

ӨзА