Қырғызыстанда 1-сентябрьден барлық мектеплер, мүлклик түрине қарамастан өз есиклерин тек ғана биринши класс оқыўшылары ушын ашады. Бул ҳаққында бас министр Қубатбек Боронов ҳүкиметлик мәжилисте мәлим еткен, деп жазады «Кабар» дәреги.

Қалған класслар болса онлайн режимде сабақларды даўам еттиреди.

Жергиликли ғалаба хабар қуралларының хабарына муўапық, биринши класс оқыўшылары медициналық нықап тағып жүриўи, аралықты сақлаўы шәрт. Класста болса оқыўшылар саны 15 тен артпайды. Ата-аналар оларды антисептикалық қураллар ҳәм нықаплар менен тәмийинлеўи керек. Нықаплар ҳәр еки саатта алмастырылады.

Мектеплер болса тек ғана өз хызметкерлерин жеке қорғаныў қураллары менен тәмийинлеўге жуўапкер болады.

Және бир гәп. Ата-аналар қәлесе перзентин мектепке жибереди, егер буны қәлемесе, баласы ушын онлайн-билилендириў имканиятын жаратып береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги