Изертлеўшилер бир мәртелик нықаптың қәўипи ҳаққында мағлыўмат берди. Илимпазлардың сөзлерине бола, бундай қорғаныў қураллары қоршаған орталыққа зыян жеткериўи мүмкин. Портсмут университети хызметкерлери мине сондай жуўмаққа келди. Бул ҳаққында «The Conversation» редакциясы хабар берген.
Изертлеўшилердиң пикринше, бир мәртелик медициналық нықаптан ўаз кешиў керек. COVID-19 пандемиясы дәўиринде бундай буйымларға талап кескин артты. Шеклеўлер басқышпа-басқыш бийкар етилип, адамлар көшеге көбирек шыға баслағаннан соң, бул қәўип-қәтер және де көбейеди: қәнигелердиң есап-санағына қарағанда, күнине миллиардлап нықапларға талап пайда болады.
Нықаплардың көпшилиги надурыс утилизацияланады ҳәм қоршаған орталыққа тарқалады. Көпшилик химиялық қуралларды ислеп шығарыўда қолланылатуғын пластикалық материалдың бөлеклениўи ушын онлаған жыллар керек болады. Сондай-ақ, таслап жиберилген материалды ҳайўанлар азықлық деп ойлап жеп қойыўы да мүмкин.
Буннан тысқары, Уллы Британия илимпазлары утилизацияланған нықаплар шығынды тасыўшылар ушын қәўип туўдырыўы мүмкинлигинен ескертпекте: бул кәсип ийелери арасында COVID-19 тарқала баслаўы мүмкин.
Жоқарыда санап өтилген факторларды есапқа алып, изертлеўшилер бир мәртелик нықапты тақпай, көп мәртелик нықаптан пайдаланыўды усыныс етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги