Қубла Австралия университети жанындағы Австралия саламатлық орайының медицина хызметкерлери жаңа изертлеў нәтийжелери менен бөлисти. Изертлеў ўақтында қәнигелер 150 мың адамның мағлыўматларын үйренип, таллады.
Шыпакерлер ҳәр бир шегилген сигарета бир қатар кеселликлерди арттырып алыў қәўпин 30 процент ҳәм оннан артық арттырады деген шешимге келген. Гәп узақ жыллық тәжирийбеге ийе шегиўшилер ҳаққында бармақта.
Атап айтқанда, узақ мүддет шегиў эмфизема (созылмалы өкпе обструктивлик кеселликлериниң топарына киретуғын кеселлик) раўажланыў қәўпин 17 есе, атеросклероз пайда болыў қәўпин 8 есе арттыратуғынын дәлиллеген. Буннан тысқары, өкпе рагиниң келип шығыў қәўпи сезилерли дәрежеде артады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги