Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-август күни Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Александр Лукашенконы болып өткен Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси менен қутлықлап, оған Беларустың турақлы раўажланыўын тәмийинлеў жолында жаңа табыслар тиледи.

Еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиндеги және регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги дәстүрий тығыз бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы көп қырлы байланыслар, бәринен бурын саўда-экономикалық тараўдағы әмелий бирге ислесиў раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў, еки елдиң жетекши кәрханаларының кооперациясы бойынша перспективалы жойбарларды алға қойыў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын кеңейтиў мақсетинде өз-ара сөйлесиўди, атап айтқанда биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссия шеңберинде жеделлестириўге келисип алынды.

 

ӨзА