Ҳүрметли дослар!

Бәринен бурын, елимиздиң қурылыс тараўында пидайылық пенен мийнет етип атырған сиз, әзизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен шын кеўлимнен қутлықлап, барлығыңызға өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Жанажан Өзбекстанымыздың жаңа көринисин пайда етиў, Ўатанымыздың жоқары раўажланыўын тәмийинлеў, турмысымызды буннан былай да абат ҳәм абадан етиўде сизлердей шебер қурылысшы ҳәм инженерлер, уста ҳәм архитекторлар, жойбарлаўшы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң ўәкиллери – мың-мыңлаған қурылысшы инсанлардың уллы мийнетин ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайды.

Бүгинги қутлы әййям – Қурылыс тараўы хызметкерлери күни ўатанымызда кеңнен белгиленип атырғаны да халқымыздың ҳәм мәмлекетимиздиң сизлерге болған мине сондай қызғын ҳүрмет-итибарынан дәрек береди.

 Әзиз ўатанласлар!

Бизге белгили, ҳәзирги күнде пүткил инсаният қатары елимиз де аўыр сынақлы күнлерди басынан өткермекте. Қыйын пандемия шараятында көплеген тараўлардың ҳәм тармақлардың раўажланыўы жолында қыйын машқалалар пайда болмақта.

Соны айрықша атап өтиў керек, мине усындай қыйын жағдайда да экономикамыздың жетекши тараўларынан бири болған қурылыс, дөретиўшилик жумыслары ҳеш тоқтап қалмады.

Керисинше, сизлердиң жанкүйерлик көрсетип ислеп атырған мийнетиңиз есабынан системада кең көлемли реформалар, бул бағдарда белгиленген бағдарламалар ҳәм режелеримиз өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылмақта.

Бул пикирди усы жылдың биринши ярымында елимизде жәми 43 триллион сумлық қурылыс жумысларының орынланып, өсиў тезлиги өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 107 проценттен асламды қурағаны да анық тастыйықлайды.

Быйыл қурылыс тараўы ушын ҳақыйқатында да ҳәр тәреплеме сынақлы ҳәм оғада жуўапкершиликли дәўир болғанына барлығымыз гүўамыз.

Дәслеп Бухара ўәлаятында, соң «Сардоба» суў сақлағышында жүз берген тәбийғый апатшылық ҳәм тасқын ақыбетлерин сапластырыў, социаллық объектлерди тиклеў ҳәм оңлаў, мың-мыңлаған шаңарақлар ушын заманагөй турақ жайларды қурыў жумысларында қурылысшы азаматларымыз ҳақыйқый мәртлик ҳәм күш-ғайрат үлгилерин көрсетти.

Ең әҳмийетлиси, бул жумысларда Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардың шебер қурылысшылары ҳәм инженерлери бир жағадан бас шығарып мийнет етип, халқымызға тән татыўлық ҳәм аўызбиршилик пазыйлетлерин, биз шынында да бир шаңарақтың перзентлери екенимизди және бир мәрте әмелде көрсетти.

Усы жылдың март айынан баслап республикамызда  қатаң карантин талаплары орнатылған қәўетерли бир жағдайда қурылысшыларымыз көзге көринбес бул бәлеге қарсы қаҳарманлық көрсетип атырған шыпакерлеримиз ҳәм тараў ўәкиллери менен биргеликте стратегиялық әҳмийетке ийе болған арнаўлы қурылыс объектлерин қурып атырғаны ҳәр қандай мақтаўға ылайық.

Атап айтқанда, оғада қысқа ўақыт ишинде, Ташкент ўәлаятының Зангиата районындағы 4 мың орынлық көп тармақлы арнаўлы емлеўхана, Жоқары Шыршық районында халықты ўақтынша карантинде сақлаў комплекси сыяқлы онлаған имаратлар және бөлистириў пунктлери қурылды.

Елимиздиң еқ шетки аймақларында да бой тиклеген бундай комплекслер бүгинги күнде пандемияны жылаўлаў, усы аўыр кеселликке шалынған мыңлаған ўатанласларымыздың өмирин сақлап қалыўда шексиз әҳмийетке ийе болмақта.

Ҳәзирги ўақытта үлкен қурылыс майданына айланған Өзбекстанда қурылысшыларымыздың өз кәсибине меҳри, ўазыйпасына садықлығы, күш-ғайраты менен басқа да көплеген социаллық объектлерде дөретиўшилик жумыслары жедел даўам еттирилмекте.

Бул ҳаққында сөз еткенде, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы Жеңистиң 75 жыллығына бағышлап пайтахтымыздың Алмазар районында бой тиклеген Жеңис бағы шын мәнисинде тарийхый ис болғанын айрықша атап өтиў керек. Көп миллетли Өзбекстан халқының ҳәр қандай қыйын шараятта да уллы ислерди әмелге асырыўға уқыплы екенин анық көрсеткен бул қурылыс бүгинги күнде халқымыздың фашизмге қарсы гүресте көрсеткен теңсиз қаҳарманлығын тарийх бетлерине жазған тәкирарланбас комплекске айланғаны менен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.

Әне усындай салмақлы жумысларымыз қатарында Ташкент қаласының қақ ортасында Жазыўшылар қыябаныының тутас архитектуралық ансамбли жаратылғаны руўхый турмысымыздағы умытылмас ўақыя болды.

Ташкент жер үсти айланба метро жолы, Юнусабад ҳәм Сергелидеги жаңа метро жөнелислери, Яшнабад районындағы үш қабатлы саўлатлы көпир, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм басқа да көплеген әҳмийетли объектлер, сиз қолы гүл қурылысшыларымыздың үлкен потенциалыңыздан ҳәм шеберлигиңизден дәрек берип тур.

Кейинги жыллары мәмлекетимиз тәрепинен халқымыз, әсиресе, халықтың кем тәмийинленген қатламлары, жас шаңарақлар ушын арзан ҳәм қолайлы турақ жайлар қурыў бағдарламасы избе-из әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы жылы мине усы бағдарлама бойынша аўыллық жерлерде 12 мыңнан аслам, қалаларда 18 мыңнан артық көп квартиралы турақ жайлар қурылмақта.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта елимизде 2 мың 400 ге шамалас социаллық объект, соның ишинде, 427 бақша,  477 мектеп,  216 денсаўлықты сақлаў, 29 денетәрбиясы ҳәм спорт мәкемеси ҳәм 100 ге шамалас ҳәр қыйлы имаратларда қурылыс-монтажлаў жумысларының алып барылып атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр.

Ҳүрметли дослар!

Соңғы жыллары елимизде қурылыс тараўын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде оның ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге үлкен итибар қаратылып атырғаны сизлерге жақсы белгили.

Атап айтқанда, өткен үш жыл даўамында усы тараўды тәртипке салатуғын жәми 33 нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Бир ғана усы жылдың өткен дәўиринде 6 нызам ҳүжжети тәрмысқа енгизилгени бул бағдарда басланған реформаларымыздың көлеми қаншелли кеңлигин көрсетип тур.

Қурылыс жумысларында дүньяның раўажланған мәмлекетлери стандартларына сай болған жаңа инновциялық технологияларды ҳәм шешимлерди қолланыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Бул бағдарда мәлимлеме-коммуникация технологиялары нәтийжели енгизилип, «Айдын қурылыс» мәлимлеме системасының иске қосылғаны тараўда коррупцияның, қағазпазлықтың алдын алыў, жумыс ўақтын үнемлеўге хызмет етеди.

Заманагөй қурылыс тараўының раўажланыўын үлкен билим ҳәм тәжирийбеге ийе, жетик кадрларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Сол мақсетте ҳәзирги ўақытта Ташкент архитектура-қурылыс ҳәм Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институтларында 22 бакалавриат билимлендириў бағдары ҳәм 23 магистратура қәнигеликлери бойынша маман кадрлар таярланбақта.

Қурылыс – жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң жумысын жетилистириў ҳәм қурылыс жумысларының сапасын арттырыўға қаратылған жумыслар да жедел даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң жумысын баҳалаў рейтинги енгизилди. Қурылыс тараўы менен байланыслы барлық тийкарғы мағлыўматлардың бирден-бир электрон базасы қәлиплестирилип атырғаны да бул бағдарда сапа дәрежесиниң жақсыланыўына хызмет ететуғыны сөзсиз.

Соның менен бирге, қурылыс индустриясын, қурылыс товарлары санаатын және де раўажландырыў, қала қурылысы, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын заманагөй жоқары нормалар тийкарында жетилистириў, қосымша жумыс орынларын жаратыў, тараў хызметкерлериниң машақатлы ҳәм даңқлы мийнетин мүнәсип хошаметлеў мәселеси буннан былай да мәмлекетимиздиң турақлы дыққат орайында болады.

Әзиз ҳәм ҳүрметли қурылысшылар!

Барлығыңызды кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, ийгиликли жумысыңызда ҳәм жеке өмириңизде жаңадан-жаңа жетискенликлер ҳәм әўметлер тилеймен.

Шаңарақларыңызға бәрқулла тынышлық-қәтержамлық, қут-берекет яр болсын!

Қолыңыз ҳеш қашан дәрт көрмесин, ҳәмийше саў-саламат болың!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президенти

ӨзА