Президент Шавкат Мирзиёев 6-август күни усы жылы жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаўды шөлкемлестириў ҳәм 2020/2021 оқыў жылына таярлық көриў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Соңғы жылларда жоқары билимлендириў системасындағы өзгерислер нәтийжесинде жаслар ҳәм олардың ата-аналарында оқыўға исеним артты. Ҳүжжет тапсырыў толық аралықты сақлаған ҳалда әмелге асырылғаны халыққа үлкен қолайлылық жаратпақта.
Усы жылы мәмлекетимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелерине (ЖБМ) бакалавриат басқышына 162 364, магистратураға 10 425 орын ажыратылған.
Быйыл 91 ЖБМға бакалавриат бағдары бойынша 1 миллион 484 мың абитуриент ҳүжжет тапсырған болып, ол өткен жылға салыстырғанда 39 процентке көп. Бир орынға 10,6 талабанан туўра келмекте.
Магистратура бағдарында 72 билимлендириў орнына 78 мың 720 ямаса өткен жылға салыстырғанда 3 есеге көп ҳүжжет тапсырылған. Улыўма, қабыллаў квоталары 2016-жылға салыстырғанда 3 есеге артқан.
Бүгинги күнде оқыўға қабыллаў тестлери қашан, қай жерде ҳәм қандай тәртипте өткерилиўи және 2020/2021 оқыў жылында билимлендириў процеси қалай шөлкемлестирилетуғыны ҳәммени ойландырмақта. Оған себеп, турмыс тәризимизди өзгертип жиберген коронавирус пандемиясы екени табийғый.
Сонлықтан Президент Шавкат Мирзиёев презентация ўақтында бул факторды есапқа алған ҳалда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.
Соның ишинде, тест имтиханларын абитуриентлер ҳәм қадағалаўшылар ушын эпидемиологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў имканиятын беретуғын жерде өткериў керек екенлиги атап өтилди.
Жабық имаратлар эпидемиологиялық талапқа жуўап бермейтуғынлығы, социаллық аралықты сақлаған ҳалда имтиханлардың ўақыты оғада созылып кетиўин инабатқа алып, тест сынақларын Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, ўәлаятлардың орайларындағы стадионларда шөлкемлестириўге тапсырма берилди. Онда имтиханлар күнине 2 мәрте (ҳаўа салқын ўақытта) өткерилсе, барлығын шамалап 12-14 күнде жуўмақлаў мүмкин.
Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға стадионларды тест сынақларына пуқта таярлаў, олардың дислокациясы бойынша абитуриентлерди толық хабардар етиў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы имтиханлардың сәнесин Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық хызметтиң эпидемиологиялық жағдай бағдарындағы жуўмағынан келип шыққан ҳалда белгилеў, халықтың саламатлығы қәўипсизлигин тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.
Тест сынақларын ашық-айдын ҳалда өткериў ушын, жасларды артықша ҳәлек етпеў мақсетинде Билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссия, ҳәкимликлер, Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети тәрепинен зәрүр илажлар көриледи.
Билимлендириў процесин сапалы оқыў ресурслары менен байытыў ушын потенциаллы профессор-оқытыўшыларды тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 25-августқа шекем барлық 7 мың 200 ден аслам пән бойынша теориялық ҳәм әмелий сабақлардың санлы методикалық тәмийнатын ҳәм аралықтан турып билимлендириўге бағдарланған оқыў бағдарламаларын жаратыўы белгиленди.
Кеминде 35 мәмлекетлик ЖБМларда биринши курс студентлери ушын оқыў кредит-модуль системасы тийкарында шөлкемлестириледи.
– Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси билимлендириў орынларын заман талапларына ийкемлестирмей илимий ҳәм технологиялық табысларға ерисиў қыйын болатуғынын көрсетпекте, – деди Президент Шавкат Мирзиёев.
Сонлықтан усы жылы абырайлы сырт ел университетлери менен биргеликте Өзбекстанның кеминде 5 жоқары билимлендириў мәкемеси трансформация етиледи. Онда тийкарынан структура ҳәм оқытыў технологиялары жетилистириледи, нәтийжеде олар заманагөй билим беретуғын ҳәм инновацияларды енгизетуғын илимий орайға айландырылады.
Мәжилис соңында мәмлекетимиз басшысы ректорлар менен сөйлесип, олар айтқан машқалаларды шешиў ҳәм усынысларын әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
ӨзА