Йоханнесбург университетиниң (ЖАР) илимпазлары автомобильлерди банан жапырақларынан ислеп шығарыўды усыныс етти. Бул мақала «Journal of Materials Research and Technology»  илимий журналында басып шығарылған.

Изертлеўшилер банан жапырағының тоқымасы углеродлы нанотрубка ҳәм эпоксид қатрон менен бирлесип, шаўқым ҳәм тербелисти азайтатуғын материалды пайда ететуғынын анықлады. Бул материалдың баҳасы салыстырмалы түрде арзан болып, автомобиль қурылысында қолланылыўы мүмкин, деген шешимге келген илимпазлар.

Оннан тысқары, банан жапырақларынан ислеп шығарылған машиналар экологиялық таза ҳәм шыдамлы болады. Қәнигелердиң пикиринше, олардан автомобиль двигателлериниң ишки қақпағын ҳәм есик панеллерин соғыўда, сондай-ақ, шаўқымды азайтыўда пайдаланыў мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги