Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Республикада виношылық тараўын жедел раўажландырыў, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў тараўында заманагөй басқарыў системасын енгизиў, өндирис ҳәм экспорт көлемлерин арттырыў, алкоголь өнимлериниң нызамсыз айланысына шек қойыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясы негизинде Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик);
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлигиниң Жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясының бюджеттен тысқары қоры негизинде Агентликтиң юридикалық шахс статусына ийе болмаған Виношылықты раўажландырыў қоры шөлкемлестирилсин.
- Агенликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў, виношылық тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, сондай-ақ, тараўды раўажландырыўға бағдарланған комплексли бағдарламаларды әмелге асырыў;
виношылық ҳәм шийки зат базасын беккемлеўге және санаатқа қолайлы жүзимгершилик плантацияларын кеңейтиўге, виношылық кәрханаларын комплексли модернизациялаўға, заманагөй ресурсты үнемлеўши технологияларды енгизиўге ҳәм виношылық тараўында жоқары маман қәнигелерди таярлаўға жәрдемлесиў;
жергиликли вино таярлаўшылардың халықаралық көлемде бәсекиге шыдамлылығын ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, сондай-ақ тараўға инвестицияларды тартыўда жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў;
өзбек виноларының миллий брендин жаратыў ҳәм оны жәҳән базарларында кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын әмелге асырыў;
Тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў және олардың айланыс көлемлерин, соның ишинде заманагөй мәлимлеме системаларын енгизиў ҳәм раўажландырыў арқалы мониторинг етиў;
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўда техникалық ҳәм технологиялық нормаларға әмел етиўин ҳәм сақланыў сапасын, соның ишинде оларды ислеп шығарыўда қолланылатуғын шийки зат ҳәм жәрдемши материаллардың сапасын қадағалаў.
3.Агентлик:
алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы бойынша жумысты лицензиялаў;
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы бойынша жумысты әмелге асырыўшылар тәрепинен лицензиялаў талапларына әмел етилиўин қадағалаў;
алкоголь ҳәм басқа да өнимлерди ислеп шығарыў ушын кәрханалар арасында тутыныў этил спиртин белгиленген тәртипте бөлистириў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлигиниң төмендеги ўазыйпалары менен функциялары Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигине өткерилсин:
жүзимниң асханаға ҳәм кишмишке қолайлы сортларының плантацияларын кеңейтиў, жүзимгершиликти жедел раўажландырыўға бағдарланған комплексли мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
жүзимгершилик кәрханаларын комплексли модернизациялаўға жәрдемлесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў, экспорт потенциалын арттырыў;
сырт ел ҳәм жергиликли билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў институтлары ҳәм тармақтың жетекши ислеп шығарыўшылары менен бирге ислесиў арқалы жүзимгершилик тараўында жоқары маман қәнигелерди таярлаўға жәрдемлесиў;
Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте жүзим плантацияларының электрон реестрин жүргизиў.
- Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры есабынан жаңа жүзим плантацияларын жаратыў ушын төмендеги мақсетлерде субсидиялар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарда ажыратылатуғыны белгиленсин:
асханаға ҳәм кишмишке қолайлы жүзим плантацияларында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў;
асханаға ҳәм кишмишке қолайлы жүзим атызларында ирригация илажларын өткериў, соның ишинде суў жеткерип бериў, артезиан қудықлар, қубырлар ҳәм резервуарлар қурыў, суў жеткерип бериў ушын насос станцияларын қурыў, суў сақлаў ушын сыйымлар сатып алыў.
Қаржы министрлиги Жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў қорына 2020-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен ажыратылыўы белгиленген субсидиялардың тийисли бөлегин 2020-жыл 1-августтан баслап Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорына ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў қорының 2020-жыл 21-июль ҳалатына қаржыларының қалдығын аўыл хожалығы тараўындағы инвестициялық жойбарлардың сөзсиз әмелге асырылыўын тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда Виношылықты раўажландырыў қоры ҳәм Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры арасында бөлистирсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2020-жыл 1-августтан баслап:
алкоголь өнимлери менен усақлап саўда етиў, сондай-ақ, улыўма аўқатланыў кәрханалары тәрепинен алкоголь өнимлерин сатыў ҳуқықына рухсат бериўши гүўалық шекленбеген мүддетке бериледи;
ислеп шығарыўшылар тәрепинен туристлик бағдарларда шөлкемлестирилген дегустация аймақларында (орынларда) реализацияланған тәбийғый вино (қадақланғанынан тысқары) өнимлерине ноль дәрежели ставка бойынша акциз салығы салынады;
ислеп шығарыўшылар тутыныў спиртиниң 50 процент ҳақысын алдыннан төлеў шәртлеринде реализациялаў ҳуқықына ийе.
- Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (А.А.Абдухакимов) алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларға туристлерди тартыў ушын туроператорлардың жөнелис бағдарламаларына кәрханаға тийисли дегустация аймақларының киргизилиўин шөлкемлестирсин.
- Агентликке 2020-жыл 1-октябрьден баслап тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар ҳәм алкоголь өнимлериниң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланыўшы шөлкемлерде тийисли лицензия ямаса рухсат гуўалықларысыз ислеп шығылған ҳәм сатылған идентификация қураллары менен маркировкаланбаған, қәлбеки акциз маркалы ямаса акциз маркасы болмаған алкоголь ҳәм темеки өнимлери ҳаққында дәрек бериўши жағдайлар болған жағдайда, арнаўлы ўәкилликли уйымды хабардар еткен ҳалда тексериўлерди әмелге асырыў ўәкиллиги берилсин.
- Тутыныў ҳәм техникалық этил спирти 2021-жыл 1-июльдан баслап реал ўақыт режиминде автоматластырылған бақлаў системасы (GPS) менен үскенеленген ҳәм 2022-жыл 1-январьдан баслап тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў, олардың айланыс көлемин есапқа алыў ҳәм жүзимгершиликтиң бирден-бир реестриниң мәлимлеме системасына интеграцияланған электрон есаплағыш орнатылған автотранспорт қуралларында тасылады.
- Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети еки ай мүддетте жергиликли көбикленетуғын ҳәм тәбийғый вино өнимлериниң рекламасына төмендеги жағдайларда рухсат берилиўин нәзерде тутатуғын тийисли нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:
мийманханаларда, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханалары саўда залының ишки бөлиминде ҳәм өнимлерди көрсетиў ҳәм дегустациялаў орынларында;
мәлимлеме өнимлерин жасқа байланыслы категориясын көрсеткен ҳалда ислеп шығарыўшы ҳәм саўда кәрханаларының рәсмий веб-сайтларында;
темир жол ҳәм ҳаўа транспорт қуралларында;
ғалаба хабар қуралларында жергиликли ўақыт пенен саат 23:00 ден 07:00 ге шекем көрсетилиўине.
- Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-4162-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Шавкат МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 23-июль
ӨзА