Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 23-июльдеги ПП–6033-санлы «Алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм олардың айланысын тәртипке салыў тараўында басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў және виношылықты раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 67 ден ибарат структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Агентлик директорына, зәрүр жағдайларда, Агентлик структурасына басқарыў хызметкерлериниң белгиленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды  шеңберинде өзгерис киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Агентлик Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги және Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясының барлық ҳуқықлары, миннетлери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғынлығы;

Агентлик республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланатуғыны және Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;

Агентлик директоры Өзбекстан Республикасының Бас министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғынлығы;

Агентлик директорының орынбасарлары Агентлик директорының усынысы бойынша Өзбекстан Республикасының Бас министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғынлығы;

Агентлик директорының статусы, мийнетке ҳақы төлеў, медицина ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятлары бойынша министрдиң орынбасарына теңлестирилетуғынлығы;

Агентлик хызметкерлерине, нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да төлемлерге қарамастан, Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлигиниң хызметкерлери ушын нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық  хошаметлеў тәртиби сақлап қалынатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин реализациялаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, нызамсыз өнимлер өндирисин ҳәм айланысын қадағалаўды күшейтиў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Агентликтиң Виношылықты раўажландырыў қорын (кейинги орынларда – Қор) қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен ҳәр жылы ажыратылатуғын субсидиялар;

Алкоголь өнимлериниң (пиво ҳәм тәбийғый вино буған кирмейди) көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалардың сап түсимниң бес проценти муғдарындағы ажыратпалар (Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 20-июльдеги  ПП-6029-санлы Пәрманына тийкарланып усы ажыратпаның муғдары 2020-жыл 31-декабрьге шекем үш процент етип белгиленгенин инабатқа алған ҳалда);

Агентлик жанындағы «Энология лабораториясы» ҳәм «Жүзимгершилик оқыў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханаларының сап пайдасынан белгиленген тәртипте әмелге асырылатуғын ажыратпалар;

алкоголь ҳәм темеки өнимлерин нызамсыз ислеп шығарыў ямаса этил спирти және алкоголь өнимлериниң нызамсыз айланысы ушын  төленетуғын жәрийма  суммасының 50 проценти;

тутыныў  ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўшылар, сондай-ақ, алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалар тәрепинен лицензия талаплары бузылғаны ушын тайынланатуғын жәриймалар;

темеки өнимлерин ислеп шығарыў жумысын әмелге асырыў ҳуқықына лицензия бериў ушын мәмлекетлик бажы, сондай-ақ, тутыныў ҳәм техникалық этил спирти , алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўға, алкоголь өнимлериниң көтере саўдасын әмелге асырыўға лицензиялар бериў ушын төленетуғын жыйымлар ҳәм жыллық лицензия төлемлери;

халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкиметлик шөлкемлердиң кредитлери (қарыз қаржылары) ҳәм грантлары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Усы бәнттиң үшинши абзацы 2022-жыл 1-январьға шекем әмел ететуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Қордың қаржылары төмендеги мақсетлер ушын жумсалатуғыны белгиленсин:

Агентликтиң техникалық сортлы жүзим атызлары ҳәм вино жетистириў тараўын жедел раўажландырыўды тәмийинлеўге қаратылған комплексли мақсетли бағдарламаларын әмелге асырыў, соның ишинде, жүзим нәллерин сатып алыў, жүзимниң селекция сортларын жаратыў ҳәм оларды егиўди шөлкемлестириў менен байланыслы ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўы;

суўды үнемлейтуғын, соның ишинде, тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиўге нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарда субсидиялар бериў;

санаатқа жарамлы жүзимгершилик ирригация илажларын өткериў, соның ишинде, суў жеткерип бериў, артезиан қудықлар, резервуалларды қурыў, суў жеткерип бериў ушын насос ҳәм қудықлар, суў сақлаў ушын сыйымлар сатып алыў;

техникалық сортлы жүзим плантацияларын жаратыў және жүзим, мийўелер ҳәм резаворлардан алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы  ставкасының 50 процентинен артпайтуғын процент ставкасы бойынша қарыз бериў және Өзбекстан Республикасы  Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасынан 4 процентли пунктке шекем шегирген ҳалда коммерциялық банклерге кредит ресурсларын бериў;

жергиликли шараятта жетистирилген интенсив және сабылған нәллерди сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар ажыратыў;

жергиликли шараятта жүзим өсимлиги тоқымаларынан (меристема клетка) «In vitro» усылында жетистирилген жүзим нәллерин сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар ажыратыў;

улыўма баҳасының кеминде 15 проценти жойбар интакери тәрепинен қаржыландырылатуғын техникалық сортлы жүзимгершилик бағдарындағы инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылатуғын кредитлер бойынша келеси өним, жүзим атызы (ямаса) жер участкасына болған ҳуқықты гиреўге алған ҳалда кепиллик усыныў;

техникалық сортлы жүзим нәллерин шпалераға көтериў ушын субсидиялар ажыратыў;

виношылық тараўындағы сырт ел қәнигелерин ҳәм консультантларын тартыў, жүзим жетистириўшилерди, Агентлик ҳәм виношылық кәрханаларының хызметкерлерин, соның ишинде, сырт елде, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў;

жергиликли алкоголь, соның ишинде, вино өнимлерин үгит-нәсиятлаў бойынша фестивальлар, көргизбелер ҳәм ярмаркаларды шөлкемлестириў, алкоголь тараўы кәрханаларының, соның ишинде, сырт елде өткерилетуғын илажларда  қатнасыўына жәрдем бериў және олардың усындай илажларда қатнасыўына байланыслы қәрежетлерин қаплаў;

санаатқа қолайлы жүзимгершилик ҳәм виношылық, жаңа түрдеги алкогольли өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм маркетингте «ноу-хау» менен байланыслы болған илимий жойбарларды қаржыландырыў;

техникалық сортлы жүзимлердиң аналық атызларын ҳәм коллекция участкаларын, нәлхана (питомник)ларды қурыў;

коллекциялық вино ҳәм коньяк дистилляты өнимлерин резервке қойыў;

Агентлик ҳәм оған уйымлық жақтан бойсынатуғын шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оның орайлық аппаратын тәмийинлеў, соның ишинде, Агентлик хызметкерлерин материаллық хошаметлеў, атап айтқанда, үстемелер төлеў,  сондай-ақ, Агентликтиң жумысы менен байланыслы болған, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген  басқа да илажлар белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:

Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў және виношылықты раўажландырыў  агентлиги ҳаққындағы режени;

Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў және виношылықты раўажландырыў агентлигиниң Виношылықты раўажландырыў қоры ҳаққындағы режени тастыйықласын.

  1. Тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў жумысына лицензия бериў, лицензияның әмел етиўин тоқтатып турыў ямаса сапластырыў, сондай-ақ, оны бийкар етиў ҳәм қайта рәсмийлестириў ҳаққындағы қарарлар Министрлер Кабинетиниң тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў жумысын лицензиялаў комиссиясы тәрепинен қабыл етилетуғынлығы белгиленсин.

Министрлер Кабинетиниң тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў жумысын лицензиялаў комиссиясының қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықланcын.

  1. Төмендегилер:

2020-2024-жылларда санаатқа қолайлы жүзим атызларын қурыў ҳәм қайта ислеў ушын шийки зат жетистириўдиң прогноз көрсеткишлери 4-қосымшаға муўапық;

2020-2024-жылларда жүзим атызларында ресурс үнемлеўши, заманагөй агротехнологияларды енгизиў ҳәм суў ресурслары менен тәмийинлеўдиң прогноз көрсеткишлери 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте 2020-2022-жылларда тармақ кәрханаларының өндирис қуўатлықларын раўажландырыўға қаратылған перспективалы инвестициялық жойбарлардың мәнзилли дизимин және тармақ кәрханаларында халықаралық стандартларға муўапық сапаны басқарыў системаларын енгизиў графигин тастыйықласын.

  1. Агентлик төмендегилерди 2021-жыл 1-январьға шекем әмелге асырыўға жуўапкер есапланатуғыны белгиленсин:

а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги, «Өзстандарт» агентлиги ҳәм Ташкент химия-технология институты менен биргеликте халықаралық стандартлар ҳәм талапларды инабатқа алған ҳалда тутыныў ҳәм техникалық этил спиртин және алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў бойынша технологиялық регламентти ислеп шығыў;

б) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў  министрлиги менен биргеликте тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм олардың айланыс көлемин есапқа алыў және жүзим атызларының бирден-бир реестри мәлимлеме системасын (кейинги орынларда –  есапқа алыў мәлимлеме системасы) төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда енгизиў;

2021-жыл 1-январьға шекем тутыныў ҳәм техникалық этиль спиртин ислеп шығарыўшылар және 2022-жыл 1-январьға шекем алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшылар  мүлк ийелериниң өз қаржылары есабынан тутыныў  ҳәм техникалық этил спирти және алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўда өлшеў үскенелерин ҳәм есапқа алыў мәлимлеме системасына мәлимлеме узатыўшы басқа есапқа алыў ҳәм белгилеў қуралларын орнатыў. Онда өлшеў үскенелери және басқа да есапқа алыў  ҳәм белгилеў қуралларына техникалық талаплар Агентлик тәрепинен белгиленеди;

есапқа алыў мәлимлеме системасын өз-ара мәлимлеме алмасыўын орнатыў ушын қаржы, экономика уйымлары, сондай-ақ, салық ҳәм бажыхана хызметлери, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети және басқа  да мәпдар уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграциялаў;

тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң барлық ислеп шығарыўшыларын, алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханаларды есапқа алыў мәлимлеме системасына қосылатуғынлығы;

в) тутыныў ҳәм техникалық этил спиртин, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўды ҳәм олардың айланысын қадағалаў бойынша «таллаў» системасын енгизиў.

  1. Есапқа алыў мәлимлеме системасын ислеп шығыў ҳәм усы системаның ислеўи ушын зәрүр инфраструктураны жаратыў бойынша жумыслар Қор және Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан тең үлеслерде қаржыландырылатуғынлығы;

есапқа алыў мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм онда ислеў тутыныў ҳәм техникалық этиль спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўшылары және алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалар ушын мәжбүрий есапланатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентликти зәрүр байланыс, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс пенен ҳәм кең полосалы Интернет тармағына жалғаныўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  2. «Өзстандарт» агентлиги ҳәм Агентлик:

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-сентябрьге шекем техникалық этил спиртин ислеп шығарыўдың бирден-бир мәмлекетлик стандартын ислеп шықсын ҳәм енгизсин;

2021-жыл 1-июльге шекем Агентлик жанындағы «Энология лабораториясы» МУКты халықаралық стандартларға муўапық аккредитациядан өткериўди шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Респбликасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм «Өзстандарт» агентлиги тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў және олардың ҳақыйқый айланыс көлемлерин мониторинг етиў, оларды ислеп шығарыўда қолланылатуғын шийки зат ҳәм жәрдемши материаллардың сапасын, сондай-ақ, лицензия талапларына әмел етилиўин қадағалаўда Агентликке жақыннан жәрдем берсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Ташкент қаласы, Абай көшеси, 6-жай мәнзилинде жайласқан Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентилиги ҳәм Алкоголь және темеки базарын тәртипке салыў инспекциясының имаратлары менен комплекслериниң үскенелери ҳәм шөлкемлестириўшилик техникасы менен бирге Агентликтиң оператив басқарыўына берилиўин, сондай-ақ, сапластырыў процесин жуўмақлағаннан соң олардың қалған ақша қаржылары ҳәм тийкарғы қураллары Агентликке өткерилиўин тәмийинлесин.
  3. Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 23-июль

 

ӨзА