ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ
п ә р м а н ы

Соңғы жыллары елимизде суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў және судьялар жәмийетшилигиниң ролин арттырыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде әдил судлаў процесинде инсан ҳуқықларын қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шықты.

Атап айтқанда, наҳақ айыпланған 2,3 мыңға шамалас адам ақланды, адасып жынаят жолына кирип қалғаны себепли еркинен айырылыў жазасына ҳүким етилиўи мүмкин болған 3,5 мыңнан аслам жаслар ҳәм ҳаял-қызларға мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң кепилликлери тийкарында жеңилирек жазалар тайынланып, өз шаңарақлары қушағында қалдырылды, инсан ҳуқықларын қопал түрде бузған 60 ҳуқық қорғаў уйымының хызметкерлери жынайый жуўапкершиликке тартылды.

Соның менен бирге, суд қорғаўын тәмийинлеўдеги артықша бюрократиялық тосқынлықлардың сақланып қалып атырғаны, суд қарарларын қайта көриўдиң бир-бирин тәкирарлайтуғын басқышларының бар екенлиги, инвесторлар ҳуқықларының  суд қорғаўында болыўының жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени ҳәм басқа да бир қатар кемшиликлер суд уйымларының әмелдеги структурасын заман талапларына ҳәм халық аралық стандартларға муўапық қайта көрип шығыўды талап етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы Олий Мажлиске Мүрәжатында суд-ҳуқық тараўында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў, пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жоқарылатыў, жумысларды судта көриў сапасын арттырыў және қалыс, әдил ҳәм нызамлы суд қарарларын қабыл етиў ушын тәреплердиң теңлигин ҳәм тартысыўшаңлығын әмелде тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен Судьялар жоқары кеңеси ҳәм судьялар жәмийетшилиги менен биргеликте нызамшылық басламасы тийкарында суд системасында 2021-жыл 1-январьдан баслап төмендеги шөлкемлестириўшилик-структуралық өзгерислерди әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын нызам жойбарының ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар негизинде судьялардың қатаң қәнигелесиўин сақлап қалған ҳәм суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша өз алдына судлаў коллегияларын шөлкемлестирген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судларын шөлкемлестириў;

ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллигин ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша судларға өткериў;

ҳәкимшилик ҳәм басқа да ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўге қәнигелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында районлараралық ҳәкимшилик судларды шөлкемлестириў, сол мүнәсибет пенен районлық (қалалық) ҳәкимшилик судларын сапластырыў. Онда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимшилик судларының сақлап қалыныўы;

Әмиўдәрья, Нурабат, Байсын ҳәм Пастдарғом районларының экономикалық судларын сапластырыў;

пуқаралық ислери бойынша Янгийўл районлараралық судын, пуқаралық ислери бойынша Ургут, Сўх, Хатирчи, Пахтакор районларының судларын, Пастдарғом районлараралық экономикалық судын, жынаят ислери бойынша Бозатаў, Тақыятас, Бандихан, Топыраққала районларының судын шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары маманлық коллегиясының және Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық судларының судьялары маманлық коллегияларының қарарлары үстинен Судьялар жоқары кеңесине шағым етиў ҳуқықын бериў.

Өзбекстан Республикасы  Жоқарғы суды Судьялар жоқары кеңеси менен биргеликте еки ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған мәселелер бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына тийисли нызам жойбарын киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Судьялар жоқары кеңеси, Бас прокуратурасы ҳәм Адвокатлар палатасының 2021-жыл 1-январьдан баслап төмендегилерди енгизиўди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын:

а) суд ислерин қадағалаў тәртибинде көриў институтын сапластырыў, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, Бас прокуроры ҳәм олардың орынбасарларының судтың шешиўши қарарлары, ҳүкимлери, ажырымлары және қарарлары үстинен қадағалаў тәртибинде протест киргизиў ҳуқықын бийкарлаў;

б) жынаят ислерин судта көриў ушын тайынлаў басқышында ис бойынша қарарларды тартысыў принципине әмел еткен ҳалда тәреплердиң қатнасыўында қабыл етиў тәртибин белгилеў, жынаят исиниң улыўмалық тәртипте көрип шығылыўына тосқынлық ететуғын факторларды оператив түрде анықлаў ҳәм сапластырыў имканиятын беретуғын дәслепки тыңлаў басқышын киргизиў;

в) төмендеги тәртиплерди енгизиў:

районлараралық, районлық (қалалық) судлардың қарарларын ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судлардың биринши инстанция суды сыпатында шығарған қарарларын болса Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен апелляция тәртибинде қайта көрип шығыў;    апелляция тәртибинде көрип шығылған суд қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен кассация тәртибинде қайта көрип шығыў;

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен кассация тәртибинде көрип шығылған ислер бойынша шығарылған суд қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, Бас прокуроры ҳәм олардың орынбасарларының протестине бола кассация тәртибинде қайта көрип шығыў;

мәмлекетлик айыплаўшысы айыплаўдан ўаз кешкен жағдайда реабилитация тийкарларына бола жынаят исин сапластырыў;

прокурор тәрепинен судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими, шешиўши қарары, ажырымы ямаса қарары бойынша ислерди, усы ислер бойынша тәреплердиң мүрәжаты бар болған жағдайда ғана, судтан шақырып алып үйрениў;

нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары судларда басқа шахслардың басламасы менен қозғатылған пуқаралық ҳәм экономикалық ислердиң көрилиўинде прокурор өз басламасы менен қатнасыўын нәзерде тутыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Саўда-санаат палатасының Жоқарғы суд структурасында инвестициялық келиспеўшиликлерди және бәсекиге байланыслы ислерди көриў бойынша судлаў қурамын (кейинги орынларда – Судлаў қурамы) дүзиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Судлаў қурамына инвестиция киргизилген сәнеде жигирма миллион АҚШ доллары эквивалентинен аз болмаған муғдарда инвестицияны әмелге асырған физикалық ямаса юридикалық тәреплер (кейинги орынларда – ири инвесторлар) ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында жүзеге келетуғын инвестициялық келиспеўшиликлер және бәсекиге байланыслы ислерди көриў ўәкиллиги берилсин.

инвестициялық келиспеўшиликлер бойынша ири инвесторлардың, бәсекиге байланыслы ислер бойынша тәреплердиң қәлеўине бола, бул категориядағы ислер тиккелей Судлаў қурамы тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилетуғыны;

қалған инвестициялық келиспеўшиликлер инвесторлардың қәлеўине бола, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық суды тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи мүмкин екенлиги белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судлар структурасында төмендеги структура (лаўазым)лар киргизилиўине келисим берилсин:

а) Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының структурасында:

Жоқарғы суд басқармаларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықыластырыў ўазыйпасы жүкленген, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Пленумына есап беретуғын, Жоқарғы суд баслығының усынысына тийкарланып Жоқарғы суд Пленумы тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын және лаўазымынан азат етилетуғын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды аппаратының басшысы лаўазымы;

Суд-ҳуқық тараўындағы нызамшылықты таллаў басқармасы;

Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў басқармасы;

б) ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судлар структурасында баспасөз хызметлери.

  1. Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси, Жоқарғы суды ҳәм Қаржы министрлигиниң Судьялар жоқары мектеби Суд әмелияты машқалаларын үйрениў орайын сапластырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектебиниң Суд әмелияты машқалаларын үйрениў орайын сапластырыў есабынан босап атырған 9 штат бирликлери Жоқарғы суд структурасында шөлкемлестирилип атырған Суд-ҳуқық тараўындағы нызамшылықты таллаў басқармасын қәлиплестириўге бағдарланатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды аппаратының басшысы, басқарма баслықларына Жоқарғы суд судьялары ушын белгиленген, Жоқарғы судтың басқарыў хызметкерлери қурамына киргизилген басқа хызметкерлерине салыстырғанда, ўәлаятлық судлардың судьялары ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери қолланылсын.

Онда, атап өтилген шәртлер тек ғана алдын судьялық лаўазымында ислеген пуқараларға қолланылатуғыны, усы пуқаралардың бул лаўазымларда ислеген ўақты судьялық стажына қосылатуғыны ҳәм пенсия тайынлаўда есапқа алынатуғыны инабатқа алынсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2020-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды, Судьялар жоқары кеңеси, Жоқарғы суды, төменги суд системасының судьялары, Судьялар жоқары мектеби ҳәм олардың аппараты хызметкерлери, Жоқарғы суд жанындағы Судлар жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнет ҳақыларын ҳәм қосымша төлемлерин толық түрде Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан қаржыландырыўға өткерилиўин нәзерде тутатуғын усынысларды киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Қаржы министрлиги менен биргеликте пенсия тайынланған ҳәм судья сыпатында өз жумысын даўам еттирип атырған пуқаралардың пенсиялары жаңадан белгиленетуғын судьялардың мийнетине ҳақы төлеў шәртлерин есапқа алған ҳалда қайта есап-санақ етилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Жоқарғы суд пенен биргеликте еки ай мүддетте:

судлардың жумысында мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыўды буннан былай да кеңейтиў бағдарламасы бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин;

2021-2025-жыллары судлардың имаратларын ҳәм ханаларын қурыў және реконструкциялаў бағдарламасын тастыйықласын.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық улыўма юрисдикция судларының үлгили структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимшилик судларының үлгили структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Әскерий судының ҳәм әскерий судлары системасының үлги структурасы 4-5-қосымшаларға муўапық;

районлараралық, районлық (қалалық) судлардың үлги структуралары 6-9-қосымшаларға муўапық;

пуқаралық ислер бойынша районлараралық , районлық (қалалық) судларының структурасы ҳәм районлараралық, районлық (қалалық) экономикалық судлардың юрисдикция аймақлары 10-11-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

  1. Жаңадан шөлкемлестирилип атырған судлар менен бөлимлерди толықтырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының аппараты структурасына қосымша басқарыў хызметкерлериниң штатларын киргизиў судлар системасын оптималластырыў нәтийжесинде босайтуғын штат бирликлери есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Судьялар жоқары кеңеси менен биргеликте 2020-жыл 1-ноябрьге шекем төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда жаңа басылымдағы «Судлар ҳаққында»ғы Нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына көрип шығыў ушын киргизсин:

судлардың структурасы, районлық (қалалық), районлараралық, ўәлаятлық ҳәм оларға теңлестирилген судлардың, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды судлаў коллегияларының, Президиумының, Пленумының ўәкилликлери шеңбери;

судьялық лаўазымына талабанлар ҳәм судьяларға қойылатуғын талаплар;

судьялар, суд баслықларын ҳәм баслық орынбасарларын тайынлаў (сайлаў) тәртиби;

судьялардың статусы, олардың еркинлиги кепилликлерин күшейтиў;

судьяларға интизамый ис тек ғана судьялардың маманлық коллегиялары тәрепинен қозғатылыўын нәзерде тутқан ҳалда, судьялардың интизамый жуўапкершилиги, интизамый исти қозғаў ҳәм көрип шығыў тәртиби;

судьялардың ўәкилликлерин тоқтатып турыў, сондай-ақ, сапластырыў тийкарлары ҳәм тәртиби;

судьялардың материаллық тәмийнаты ҳәм оларды социаллық қорғаў илажлары.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды менен биргеликте жаңадан шөлкемлестирилип атырған судлардың жайластырылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Судьялар жоқары кеңеси, Бас прокуратурасы және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына 12-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш. Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Шавкат МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 24-июль

 

ӨзА