ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ

қ а р а р ы

Мүбәрек Қурбан ҳайыты мазмун-мәнисинде жәмлескен қайыр-сақаўат, мийрим-шәпәәт, адамгершилик сыяқлы әзелий дәстүр ҳәм қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў және кеңнен үгит-нәсиятлаў халқымыздың жақсы нийетлери менен арзыў-умтылысларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. 1. Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2020-жылы Қурбан ҳайытының биринши күни 31-июль – жума күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып, елимизде 2020-жыл 31-июль Қурбан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленсин.
  2. 2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет және жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Қурбан ҳайытының карантин талапларына әмел еткен ҳалда, халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине сай түрде өтиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.
  3. 3. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды жарытыў усыныс етилсин.
  4. 4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                  Шавкат МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 24-июль