Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Коронавирус пандемиясы себепли жүзеге келген қурамалы ҳәм сынаўлы күнлерде өмири ҳәм денсаўлығын қәўипке қойып, болып атырған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, инфекцияның кеңнен тарқалыўының алдын алыў, елимизде санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықты тәмийинлеў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, өзиниң ерлиги, билим ҳәм потенциалы, профессионаллық шеберлигин көрсетип, халықтың саламатлығын қорғаў, наўқаслардың өмирин сақлаў, оларға үлкен итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў бағдарындағы айрықша хызметлери, сондай-ақ, өзиниң миннети ҳәм антына садық болып, жуўапкершилигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў жолындағы үлкен мәртлиги ҳәм пидайылығы ушын бир топар ўатанласларымыз  хүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Фидокорона хизматлари учун» ордени менен

Худайназаров Әдилбай Абдинаимович  – Қарақалпақстан Республикасы балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасының шыпакери

I дәрежели «Саламатлық» ордени менен

Шарипова Қалбике Жумагалиевна – Қарақалпақстан Республикасы балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасының шыпакери

II Дәрежели «Саламатлық» ордени менен

Ешмуратова Раъно Ендирбаевна – У.Халмуратов атындағы Қарақалпақстан Республикасы көп тармақлы медициналық орайының гематология бөлиминиң мийирбийкеси

Заретдинова Гулайым Тилегенова – Нөкис қаласы медициналық бирлеспесине қараслы 8-шаңарақлық поликлиникасының оториноларинголог шыпакери

Изимбетова Анаргул Ахметовна – Қарақалпақстан Республикасы көп тармақлы медициналық орайының реанимация-анестезиология бөлиминиң шыпакери

Қутлымуратов Баҳадыр Бақытбаевич – Қарақалпақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының бас шыпакери

«Жасорат» медалы менен

Джуманиязова Зулфия Юлдашовна (марҳум) – Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы неврология бөлиминиң үлкен мийирбийкеси

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Зийнешов Ринатдин Кутлымуратович – Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Нөкис қаласы бөлиминиң инструктор-қутқарыўшысы

Палуаниязов Муратбай Қудайбергенович – Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Арнаўлы ҳәм медициналық жәрдем автокәрханасының айдаўшысы

«Соғлом турмуш» медалы менен

Қутыбаева Гулфия Менлибаевна – Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалының реанимация бөлиминиң шыпакери

Мадаминов Алишер Хакимбаевич – Қарақалпақстан Республикасы балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасының шыпакери

Мамутова Абадан Искандеровна – Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы тез медициналық жәрдем бөлиминиң шыпакери

«Шуҳрат» медалы менен

Боранбаев Азат Тлепбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасы профилактикалық  үлкен инспекторы

Матякубова Гулнара Жаббарбергеновна – Қарақалпақстан Республикасы балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасының мийирбийкеси

Сайтов Арал Умбетбаевич – Нөкис қаласы медициналық бирлеспеси кардиологы

Хомидов Бўрибой Имомали ўғли – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының топар командири

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 23-июль