Карантин ўақтында пуқараларға қолайлық жаратыў мақсетинде қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен саўда комплекслери, базарлар менен биргеликте қала ҳәм районлардағы пуқаралар жыйынларында, көп қабатлы турақ жайлардың әтирапында халыққа арзан ҳәм сапалы өнимлерди үзликсиз жеткерип бериў, олардың   азық-аўқат өнимлерине болған талабын турақлы тәмийинлеў мақсетинде көшпели дүканлар шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, аймақлардағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында арзанлатылған аўыл хожалығы ярмаркалары жумыс басламақта. Ярмаркаларда үй-руўзыгершилигинде керекли болған барлық аўыл хожалығы өнимлери арзанлатылған баҳада сатылыўы қадағалаўға алынған.

Көшпели саўда дүканларында азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын ҳәм тийкарсыз қымбатлаўына жол қоймаў, санитария талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетинде жуўапкер шөлкемлердиң хызметкерлери бириктирилген.       

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы