Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасы баслығы Барно Ражабованың айтыўынша, имтиханды кейинге көшириў бойынша усыныс берилген.

«Карантин шеклеўлери қашан бийкар етилсе, тест сынағы сол ўақытта өткериледи, – деди ол. – Егер 15-августта бийкар етилсе, 15-августтан кейин, 1-сентябрьде бийкар етилсе, 1-сентябрьден кейин өткериледи.

Имтиханлар өткерилетуғын жерлер еле тастыйықланбаған. Тастыйықланғаннан кейин мәлим етемиз. Стационарға айландырылған павильонда имтихан өткерилмейди.

Тест сынақлары ушын сайланған жерлер үлкен сыйымлы имарат болатуғыны анық».

Ол бул ҳаққында Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде 2020-2021-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдардарларына абитуриентлерди онлайн дизимге алыў жуўмақлары, таллаў ҳәм шешимлер темасында өткерилген баспасөз конференциясында айтып өтти, деп жазады xs.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги