Академик

Саттор Турсунмуҳамедов

Өзбекстан илими аўыр жоғалтыўға ушырады.

Социаллық философия ҳәм социология тараўындағы белгили илимпаз, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги Саттор Турсунмуҳамедов быйыл 21-июль күни 91 жасында қайтыс болды.

С.Турсунмуҳамедов 1929-жыл 11-январьда Қазақстан Республикасының Шымкент ўәлаятына қараслы Түркстан қаласында туўылды. 1952-жылы Орта Азия мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети)н тамамлап, усы университеттиң аспирантурасында билим алды. Дәслеп кандидатлық, кейин ала докторлық диссертациясын қорғады. Илим тараўындағы көп жыллық хызметлери ушын 2000-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы етип сайланды.

Өзиниң мийнет жолын 1955-жылы Ташкент финанс-экономика институтында үлкен оқытыўшы сыпатында баслаған қәбилетли илимпаз дерлик 65 жыллық илимий-педагогикалық жумысы даўамында Ташкент халық хожалығы институты (ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик экономикалық университети) доценти, профессоры, кафедра баслығы, Республикалық жәмийетлик пәнлер оқытыўшыларының қәнигелигин арттырыў институты директоры, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика институты (ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик педагогика университети)ның ректоры, Республикалық жоқары маман педагогларды таярлаў институтының директоры, Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университетиниң кафедра баслығы сыяқлы лаўазымларда жемисли мийнет етип, мәмлекетимизде илим ҳәм билимлендириў тараўларын раўажландырыў, жоқары маман илимий-педагог кадрларды таярлаўға мүнәсип үлес қосты.

Мийнет сүйгиш илимпаздың социаллық философия ҳәм социология тараўының теориялық ҳәм әмелий мәселелерине бағышланған мақала ҳәм изертлеўлери, монография ҳәм брошюралары елимиз илимпазлары ҳәм қәнигелерине жақсы белгили.

Жанкүйер устаз сыпатында көплеген жасларға тәлим-тәрбия берген илим пидайысының тиккелей басшылығында онлаған илим кандидатлары ҳәм илим докторлары таярланған.

Академик С.Турсунмуҳамедовтың мәмлекетимиздиң илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип хошаметленди. Ол «Өзбекстанға мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағына ийе болған еди.

Белгили илимпаз, меҳрибан устаз, кеңпейил инсан Саттор Турсунмуҳамедовтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Б.Йўлдошев

 

ӨзА