Әлўида, хош бол халқын шын жүректен сүйип, теӊсиз хызмет етип кеткен перзенти, қәдирдан иним Ҳакимбай Аширович Халимов!

Сиз, Қарақалпақстан прокуроры, Өзбекстан бас прокурорынын орынбасары болып турып  та өз халқынын ҳәр  қандай  әпиўайы адамы менен кишипейил, жайдары, асып – таспай  сөйлесиўге,  дәртин  ақырына дейин тыӊлаўға болатуғынын, шақырылған жерден қалмай, халықтын қуўанышлы күнин бөлисип, қайғысына шерик болыўдай адамгершиликтиӊ үлгисин көрсетип кеттиӊиз.

Сиз, әдебиятымыз бенен көркем өнеримиздиӊ жанкүйери едиӊиз. Өзбекистан қаҳарманлары түркий халықлары әдебиятыныӊ жарқын жулдызлары болған Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергеновлардыӊ шығармаларын үгит-нәсиятлаўға, басып шығарыўға, халық пенен ушырасыўларына талай рет қәўендерлик еттиӊиз.

Еки уллы жазыўшы денсаўлықлары бойынша көп жыллардан бери ушыраса алмай жүргенинде, өмириниӊ соӊғы жылларында олардыӊ басын қосып,  портретлерин ислеттиӊиз ҳәм республикалық мәкемелерге, музейлерге, китапханаларға тарқаттыӊыз.

Қәдирдан иним Ҳакимбай, өмириӊиз даўамында халқыӊыз еслеп  жүргендей көп хызметлер еттиӊиз.

Жатқан жайыӊыз жайлы, топырағыӊыз торқа, Аллатаалам өз рахметине қабыл еткен болсын. Хош бол.

Шарап Уснатдинов,

Қарақалпақстан халық  жазыўшысы,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты, сенатор

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги