(қәдирдан достым, жәмийетлик искер Бахытбек Ельманов дүньядан өтти.)

Озық ойың басқалардан илгери.
Қәдирдан дос туттым сизди билгели.
Инсаный ең жақсы пазыйлет пенен.
Өзгеше жол салдың журтқа үлгили.

Ақыл-санаң жаңалыққа талпынды.
Ҳәр басламаң йошландырды халқыңды.
Тынбай излениўде болдың ҳәр дайым.
Ҳадал мийнет шығарады даңқыңды.

Биринши ФМ ге тийкар салдыңыз.
Теле-канал ашып алғыс алдыңыз.
Мың-мың жүреклерге жол таўып өзиң.
Күле шырай менен кирип бардыңыз!

Жигит едиң кеўлиң ашық, жайдары.
Ҳәр бир күниң мазмунлы ҳәм пайдалы.
Көплер сизге ҳәўес пенен баққанда.
Тасқын жигер көкирегиңде қайнады.

Сиз барған жер өзгериске бет бурды.
“Басшы болсаң усындай бол” деп турды.
Заманға сай пикир сорап сөйлессең.
Ертеңги күн көз алдыма кеп турды.

Үлкен, киши демей теңдей қатнасып.
Ерип жүрдик изиңизге жантасып…
Сиз туўралы суўық хабар келгенде.
Ой-қыялым кетти бирден шытнасып.

Өмир жолыңыздың болғаны келте.
Сапарға атландың ең соңғы мәрте.
Халық умытпайды азаматларын.
Бизди тәрк етсең де буншелли ерте.

Байжан УЗАҚОВ,
Нөкис қаласы,
21-22-июль, 2020-жыл.

Қарақалпақстан хабар агентлиги