Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының директоры, жәмийетлик искер, заманагөй телерадиожурналистиканың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан, «Nukus FM» радиосы ҳәм «Jaslar TV»  телеканалы шөлкемлестириўшиси, көплеген жаслардың устазы Бахытбек Ельманов 48 жасында қайтыс болды.

Бахытбек Ельманов 1972-жылы 15-сентябрь күни Нөкис қаласында туўылды. Орта мектепти жақсы баҳаларға питкерип, әскерий хызметти өтеп келгеннен соң Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыўға түсип, оны айрықша баҳаларға питкерди. Дәслепки мийнет жолын Нөкис қаласындағы 25-санлы орта мектепте муғаллим болып ислеўден баслады. 2005-2009-жылларда «Камолот» жаслар жәмийетлик Ҳәрекети Нөкис қалалық кеңеси жанындағы «Жасларға социаллық хызмет көрсетиў» орайы директоры болды. Өзиниң талпынысы ҳәм искерлиги арқасында «Nukus FM» радиосының ашылыўында белсендилик көрсетти ҳәм усы радионың директоры болып журналистлик хызметин баслады. Ғалаба хабар қуралларындағы пидәкерлик жумысы даўамында Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баспасөз хаткери, Пухаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институтының Қарақалпақстан бөлими жетекши қәнигеси, «Nukus FM» радиосы, «Jaslar TV»  телеканалы (Nukus-Sayahat ЖШЖ) директоры болып заманагөй телерадио журналистиканың жаңа басқышларда раўажланыўына мүнаәсип үлес қосты.  2018-жылдан баслап Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясының Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы директоры ўазыйпасында ислеп келмекте еди.

Қәбилетли басшының бул лаўазымда ислеген қысқа дәўиринде Қарақалпақстан теле ҳәм радио каналларында түпкиликли жаңаланыўлар пайда болды. Республикамыздың барлық аймақлары  көрсетиў ҳәм еситтириўлер эфирлери менен қамтып алынды. Журналист ҳәм техникалық хызметкерлердиң материаллары сапасы жақсыланды, техникалық имканиятлар дәрежеси кеңейди.

Әттең, сум әжел усындай қәбилетли басшы, өз исиниң маманы, талантлы жаслардың қоллап-қуўатлаўшысы, заманға сай қәдем атып атырған журналист Бахытбек Ельмановты арамыздан ерте алып кетти. Оның иске аспаған журналистиканыӊ раўажланыўына үлкен үлес қосатуғын басламалары еле де көп еди.

Бахытбек Ельмановтың жарқын келбети, кешипейил минези ҳәр биримиздиң ядларымызда узақ сақланып қалады. Ел-халық ийгилиги жолында ислеген әдиўли ислери оның перзентлери ҳәм шәкиртлери тәрепинен даўам еттирилип, исми ҳәм ислери журналистика тарийхында узақ сақланады..

Биз кәсиплесимиз, әжайып инсан Бахытбек Ельмановтың шаңарақ ағзаларына, туўған-туўысқанларына, кәсиплеслерине ҳәм барлық жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТЕЛЕРАДИОКОМПАНИЯСЫ,

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘЛИМЛЕМЕ ҲӘМ ҒАЛАБА КОММУНИКАЦИЯЛАР БАСҚАРМАСЫ,

ӨЗБЕКСТАН ЖУРНАЛИСТЛЕРИ ДӨРЕТИЎШИЛИК АЎҚАМЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН БӨЛИМИ

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги