А М А Н Б А Й !…

(Марсия)

Медицина илимлеринин докторы, хирург Аманбай Турсынбаевич Ещанов

хызмет бабында короновирус пандемиясына шалынып набыт болып  кетти.

 

Халықлық хызметте  ҳеш демес: «шаршадым!»,

Жанында усласқан көп дос – Фархадын!

Ел-журтыңның шығардың ғой ар-сарын.

Сайлап шаншып турған мына заманды-ай!

Мисли қаңғымай оқ тийген Аманбай!

 

Ата-анаң бунша ерте шақырып…

Алиймаң, Маманың қалды аҳ! урып,

Тасланғандай асаў тулпарға қурық.

Ҳəўижине шыққан өмир намаңды-ай!

Жан-тарың үзилди кетти Аманбай!

 

Қыз көзи ойнарлық қəдди-бойларың,

Салдаманлы, терең пикир-ойларың,

Ɵзге емес, өзиңе бул жол қойғаның?..

Ɵмириң еле емес еди тамамдай…

Бул, қалай болғаны, иним, Аманбай!

 

Әке кетип қулап сүдин-тиреги,

Анасы өткенде зар-зар еңиреўи,

Жүреги үзилип, шыққан меңиреўи…

Гейде жақсыларды-ам етер жамандай,

Буннан да қуры қол емес Аманбай!

 

Сүйикли еткен шыпакерлик жумысы,

Ҳайран бүгин Қарақалпақ улысы,

Қалай-қалай болды?

Ҳақтың бул иси!

Гириси оқ толы қалған камандай,

Ҳешкимге атылмай өтти Аманбай!

 

Әжел, деген наймыт кимди тыңлаган,

Жүрген жерин кайғы-ҳəсиретке былғаған,

Қайда қалған сол саўаплар мыңлаған?

Короновирус деген қатаң қамалды-ай!…

Шейит кеткен халық батыры Аманбай!

 

Аўылласлық – усындайда аўыллас!

Даўыл зəрүр ўақта бирге даўыллас!

Ҳəй, журтлас!

Ҳəр бириң маған баўырлас,

Соғылып ҳəм жасап мына адамдай,

Ҳəмме де болалмас бирақ, Аманбай!

 

Нетермиз, набыт боп кеттиңн ғапылда,

Саған қарағанда дүнья қапылды-а!..

Кепсерленген көксиңдеги лапылда,

Қалған бар ма жыртықлары жамалмай?

Жамаў табылмапты-аў саған Аманбай!

 

Ɵтирик-өсек урып ҳəр қос қанарға,

Айды етек пенен таяр жабарға!

Жалған шықса еди:

Бул, сум хабар да!

Терисекей мына «бийўақ самалды-ай»!

Тəғдир жулып алып кеткен Аманбай!

 

Үзилди деген сол: жаслай жулыны,

Ҳақтың ерки не етсе өз қулыны,

Соңыра аман сақлап жалғыз улыны,

Маманың дүньяға беккем «қаланғай»!

Басқа сөз табалмай турман Аманбай!…

 

 

Халила Даўлетназаров

Қарақалпақстан халық шайыры,

Ɵзбекстанға хызмет көрсеткен  журналист.

16-17-июль 2020-жыл.

Қарақалпақстан хабар агентлиги