Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 п ә р м а н ы

Коронавирус пандемиясы дәўиринде халықты, әсиресе, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызметлер тараўындағы исбилерменлик субъектлерин қосымша түрде қоллап-қуўатлаў, олардың дәраматларын тәмийинлеў, санитариялық-эпидемиологиялық жағдайдың жақсыланыўына қарап бул субъектлерди жедел қайта тиклеў, сондай-ақ, жумыс орынларын сақлап қалыў мақсетинде:

  1. а) 2020-жыл 1-июльден 2020-жыл 31-декабрьге шекем:

улыўма аўқатланыў кәрханаларын ҳәм имаратларды ижараға бериўге қәнигелескен кәрханалар айланыстан алынатуғын салықты төлеўден азат етилетуғыны;

физикалық тәреплер көшпес мүлкти ижараға бериўден алынған дәраматлар бойынша физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етилетуғыны;

мүлкин (имаратлар ҳәм автомобиль транспорты) ижараға беретуғын физикалық тәреплерге салық мақсетинде ижара төлемлериниң ең кем ставкаларын қолланыў тәртиби тоқтатып турылатуғыны;

ижараға бериўшилерге 2020-жыл ушын ижара төлеми муғдарын азайтыў мақсетинде, атап айтқанда, берилип атырған салық жеңилликлерин есапқа алған ҳалда ижара төлемин қайта көрип шығыў усыныс етилетуғыны;

б) 2020-жыл 1-апрельден 2020-жыл 31-декабрьге шекем Улыўма аўқатланыў кәрханалары алкоголь өнимлерин усақлап сатыў  ҳуқықы ушын жыйымды төлеўден азат етилетуғыны;

в) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы ПП-5969-санлы Пәрманында белгиленген алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалардың ажыратпалары муғдарын 5 проценттен 3 процентке азайтыўға байланыслы жеңиллик мүддети 2020-жыл 31-декабрьге шекем созылатуғыны;

г) улыўма аўқатланыў кәрханаларына алкоголь өнимлерин жеткерип бериў арқалы сатыў ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.

  1. Улыўма аўқатланыў кәрханалары ушын киши исбилерменлик субъектлерине енгизилген жеңилликлер ҳәм преференцияларды қолланған ҳалда, оларды киши кәрханалар категориясына киргизиў мақсетинде 2020-жыл 1-июльден баслап улыўма аўқатланыў кәрханалары ушын белгиленген хызметкерлердиң жыллық орташа саны 25 тен 50 ге арттырылсын.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-июльге шекем улыўма аўқатланыў кәрханалары карантин шеклеўлериниң бийкар етилиўине қарап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен орнатылған жайластырыў, қурыў ҳәм пайдаланыў бойынша ўақтыншалық талапларға әмел еткен ҳалда және район (қала) ҳәкимликлерин хабардар етиў арқалы тутыныўшыларға аўқатланыў хызметлерин көрсетиў ушын өзлерине тутас бос жер участкаларында жеңил конструкцияларды бийпул жайластырыў ҳәм қурыў имканиятына ийе.
  3. 2021-жыл 1-июльге шекем карантин шеклеўлериниң бийкар етилиўине қарап исбилерменлик субъектлерине жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары менен шәртнама дүзбей мәмлекетлик салық хызмети уйымларын саўда мүддети, өними ҳәм транспорт тоқтаўы қадаған етилмеген орынларды көрсеткен ҳалда хабардар етиў арқалы автодүкан, автомагазин, автотиркеме, автоцистерна ҳәм фудтраклар арқалы саўда етиў ҳуқықының берилетуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети өзиниң рәсмий сайты ҳәм мобиль қосымшалар арқалы көшпели саўданы баслаў ҳаққында электрон хабарнамаларды бийпул қабыл етиўди тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

еки күн мүддетте улыўма аўқатланыў кәрханаларында тутыныўшыларға аўқатланыў ямаса дем алыў хызметлерин көрсетиў ушын жеңил конструкцияларды жайластырыў, қурыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша ўақтыншалық талапларды тастыйықласын;

2021-жыл 1-январьға шекем халықаралық тәжирийбеден келип шығып, улыўма аўқатланыў кәрханаларының мәўсимлик кафелериниң ислеўин, сондай-ақ, көшпели саўданы әмелге асырыў тәртибин тастыйықласын.

  1. 2020-жылда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен белгиленген жағдайларда, салық төлеўшилерге салық есапларын бериў мүддетлерин бес күннен көп болмаған мүддетке кешиктиргени ушын жәрийма салынбайтуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-майдағы «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында»ғы ПП-5996-санлы Пәрманында белгиленген төмендеги салық жеңилликлери ҳәм преференциялары 2020-жыл 31-декабрьге шекем создырылсын:

а) мүлк салығы ҳәм жер салығын төлеўден азат етиў бойынша берилген жеңилликлер:

киши исбилерменлик субъектлери;

базарлар ҳәм саўда комплекслери, кинотеатрлар, улыўма аўқатланыў кәрханалары, жәмийетлик транспорт кәрханалары, спорт-саламатландырыў мәкемелери, сондай-ақ, жолаўшы тасыў, турмыслық хызметлер көрсетиў, имаратларды, соның ишинде, банкетлер өткериў ушын ижараға бериў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық тәреплер ушын;

б) социаллық салық ставкасын 12  проценттен 1 процентке азайтыў бойынша микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын берилген жеңилликлер (акциз асты өнимлерин ислеп шығарыўшылар, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм устав қорында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған юридикалық тәреплер буған кирмейди);

в) бажыхана уйымларына мүрәжат еткен күнге шекем бир жылдан кем болмаған мүддет даўамында сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырып атырған микрофирма ҳәм киши кәрханаларға, кейин ала кешиктирилген сумманы 120 күн даўамында тең үлеслерде төлеў шәрти менен, товарларды (тутыныў товарларынан тысқары) алып кириўде өндирилетуғын бажыхана бажы ҳәм акциз салығын төлеў мүддетин кешиктириўди усыныў;

г) микрофирма ҳәм киши кәрханаларда 2020-жыл 15-май жағдайына салықлар, пенялар ҳәм салық нызамшылығын бузғаны ушын есапланған жәриймалар бойынша  бар қарыздарлықты өндириўди тоқтатыў;

Улыўма аўқатланыў кәрханалары социаллық салықтың азайтылған ставкасын жумысшылардың санына қарамастан қолланатуғыны белгиленсин.

  1. Ўәкилликли уйымлар аудиторлар, риэлторлар, баҳалаўшылар, актуарийлар, аптека ҳәм олардың филиалларының баслықлары, туристлик шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм гидлер (экскурсоводлар), шет тиллерге оқытыўшылардың 2020-жыл 1-мартта тамамланатуғын қәнигелик сертификатларының мүддетин гезектеги қәнигелик имтиханларын өткериў сәнесине шекем создырсын.
  2. Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық қорына, «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорына, «Өзбекстан мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик қорына, соның ишинде, олардың Қарақлпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардағы бөлимлерине бийғәрез жәрдем бериў (бийғәрез жәрдем алыў) бөлиминде пайда салығы, қосымша қун салығы, айланыстан алынатуғын салық ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы бойынша жеңилликлердиң әмел етиўи 2020-жыл 31-декабрьге шекем создырылсын.

14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа, сондай-ақ, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша аналарға берилетуғын напақалар физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәраматқа киргизилмейтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н. Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы

2020-жыл 20-июль