Социаллық тармақларда коронавирусқа шалынғанлар Хрен өсимлигинен пайдаланып, тәўир болғаны ҳаққында видео мүрәжатлар көбейип кетти. Бул қаншелли илимий тийкарға ийе ҳәм бул өсимлик коронавирус инфекциясынан қутылыўда жәрдем бере ме?
-Хрен өсимлигиниң қурамында көплеген витаминлер, атап айтқанда, А, Е, В топары витаминлери болып, аминокислоталар менен минералларға бай,-деди Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Феруза Ҳамробоева. – Ол коронавирус инфекциясында тийкарғы дәри қураллары менен бир қатарда қолланылыўы мүмкин, бирақ монотерапия сыпатында жәрдем бермейди!
ӨзА