Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-июль күни жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў, оларды дәрамат дәреги менен тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Усы мәжилисте мәмлекетимиз басшысы елимиздеги эпидемиологиялық жағдайға және бир мәрте айрықша тоқтап өтти.

Президентимиз тәрепинен тийисли жуўапкерлерге бир күнлик мүддетте халқымызды қыйнап атырған әмелдеги тест-анализ тапсырыў процесин қайта көрип шығып, халық ушын қолайлы системаны ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, орынларда зәрүр дәри-дәрмақ резервлерин қәлиплестириў бойынша да көрсетпелер берилди.

Кейинги ҳәпте даўамында Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясына Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги тәрепинен үй шараятында емлениў ушын усыныс етилген дәрилерди ҳәм усы дәри-дәрмақлардың республикамыз дәриханаларында сатыўда жоқ екенлиги, сатыўда барлары да әдеттегиден оғада қымбат баҳада сатылып атырғаны бойынша көплеген шағым мүрәжатлары келип түсти.

Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы тәрепинен 2020-жыл 15-июль күни Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен үй шараятында Covid-19 инфекциясын емлеў ушын усыныс етилген «Азитромитсин», «Плаквенил», «Лопинавир/Ритонавир», «Ремдесивир», «Умифеновир» ҳәм «Фавипиравир» дәрилериниң дәриханаларда сатыўда бар екенлиги, олардың баҳасы бойынша жәмийетлик қадағалаў тәртибинде мониторинг үйрениўлер өткерилди.

Оған бола, Қарақалпақстан Республикасының район (қала)ларында жумыс алып барып атырған дәриханалар таңлаў усылында үйренилгенде бул дәриханаларда Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги тәрепинен усыныс етилген дәри-дәрмақлардың дерлик биреўи «Азитромитсин» сатыўда бар екенлиги, 6 мың сумнан 30 мың сумға шекем сатылып атырғаны бақланды. Қалған түрдеги дәри-дәрмақлар сатыўда жоқ.

Әндижан ўәлаятының дәриханаларында да тек ғана «Азитромитсин» сатыўда болып, бул дәри-дәрмақ 3 мыңнан 36 мың сумға шекем сатылып атырғаны бақланды. «Плаквенил» болса ўәлаяттың Әндижан қаласы, Асака, Булоқбоши, Қўрғонтепа ҳәм Шахрихон районларындағы айырым дәриханаларда сатылып атырған болып, оның баҳасы 235 мыңнан 282 мың сумды қурамақта.

Бухара ўәлаяты аймағындағы дәриханаларда «Плаквенил», «Лопинавир/Ритонавир», «Умифеновир» ҳәм «Фавициравир» дәрилери сатыўда жоқ. Тек ғана «Азитромитсин» дәри-дәрмағы сатыўда бар болып, бул дәри 4500 сумнан 15000 сумға шекем сатылмақта.

Жиззақ ўәлаяты аймағындағы дәриханаларда да тек ғана «Азитромитсин» сатыўда бар. Бул дәри ўәлаят дәриханаларында 5 мың сумнан 8 сумға шекем сатылмақта.

Қашқадәрья ўәлаяты аймағындағы дәриханаларда алып барылған үйрениўлер нәтийжесине бола, «Плаквенил», «Лопинавир/Ритонавир», «Ремдесивир», «Умифеновир» ҳәм «Фавипиравир» дәрилери улыўма сатыўда жоқ екенлиги, сатыўда бар болған «Азитромитсин» дәриси ислеп шығарылған мәмлекетине бола баҳасында айырмашлық болады. Бул дәри-дәрмақ 4 мыңнан 38 мың сумға шекем сатылмақта.

«Плаквенил», «Лопинавир/Ритонавир», «Ремдесивир», «Умифеновир» ҳәм «Фавипиравир» дәрилери ўәлаят аймағындағы дәриханаларға кейинги үш айдан бери сатыўға алып келинбей атырғаны анықланды.

Республикамыздың қалған аймақларында да усыған уқсас процесс болып, «Плаквенил», «Лопинавир/Ритонавир», «Ремдесивир», «Умифеновир» ҳәм «Фавипиравир» дәрилери сатыўда жоқ. Кейинги үш айдан бери тарқатыўшы кәрханалар тәрепинен жеткерип берилмей атыр.

«Азитромитсин» дәри-дәрмағы Наўайы ўәлаятының дәриханаларында 4 мыңнан 12 мың сумға шекем сатылып атырғаны, айырым дәриханаларда улыўма қалмағаны бақланды. Наманган ўәлаяты аймағындағы дәриханаларда 5 мың сумнан 12 мың сумға шекем, Сырдәрья ўәлаятының дәриханаларында 6 мың сумнан 40 мың сумға шекем, Ферғана ўәлаятының дәриханаларында 4 мыңнан 36 мыңға шекем, Хорезм ўәлаятында болса 4800 сумнан 34000 сумға шекем, Ташкент ўәлаятында 4500 сумнан 40000 сумға шекем, Ташкент қаласында 6 мыңнан 35 мың сумға шекем сатылып атырғаны анықланды.

Наманган ўәлаятының Мыңбулақ районындағы «Голден Азия Фарм» кәрханасына тийисли дәриханада «Плаквенил» дәри-дәрмағы 234 мың сумнан сатылып атырғаны бақланды. Оның резерви де 60 дана қутыдан ибарат. Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги тәрепинен үй шараятында емлениў ушын усыныс етилген дәри-дәрмақлардың республикамыз дәриханаларында бар екенлиги және олардың сатыўдағы баҳасы ҳаққындағы жағдай Федерация тәрепинен жәмийетлик қадағалаў тәртибинде турақлы үйренип барылады ҳәм бул бағдарда кең жәмийетшилик хабардар етиледи.

Бул ҳаққында Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының баспасөз хызмети хабар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги