Пүткил дүньяда қәнигелери коронавирусқа қарсы вакцина жаратыў менен шуғылланбақта, бирақ ол жақын күнлерде пайда болмайды. Бәринен бурын, вакцина қәўипсиз ҳәм нәтийжели екенине исеним пайда болыўы керек, деди Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Европа регионаллық бюросы айрықша жағдайлар мәселеси бойынша үлкен қәнигеси доктор Катрин Смолвуд.

«Пүткил дүнья жүзи COVID-19ға қарсы вакцина жаратыў үстинде аўызбиршилик пенен жумыс алып бармақта. Халықаралық топарлар арқалы халықтың арасында қәўипсиз ҳәм нәтийжели қолланыў мүмкин болған вакцинаны жаратыў бойынша өз-ара ҳәм ЖДСШ менен бирге ислеспекте», – деди Смолвуд баспасөз конференциясында.

Оның атап өтиўинше вакцина жаратыў оғада көп ресурс, ўақыт ҳәм күш-ғайратты талап ететуғын процесс болып есапланады.

«Вакцина жаратыў ушын әмелге асырылып атырған барлық ҳәрекетлерге қарамастан, биз ол жақын күнлерде пайда болады, деп айта алмаймыз. Ҳәзирше бирде-бир вакцинаның қәўипсиз ҳәм нәтийжели екенин тастыйықлай алмаймыз», – деди Смолвуд.

Оның айтыўынша, ҳәзирги ўақытта клиникалық сынақ басқышында турған 100 ден аслам вакцинадан дерлик 15-20 си қолланыў ушын талабан болып есапланады.

«Тез күнлерде қәўипсиз вакцинаны табыўға ерисетуғынымызға үмит етемиз», – деп қосымша етти Смолвуд.

Буннан алдынырақ ЖДСШның Россиядағы ўәкили Мелита Вуйнович те РИА Новостиге интервью бергенде дүнья жүзинде 140 тан аслам вакцина үстинде изертлеў жумыслары алып барылып атырғаны ҳаққында мәлим еткен еди. Бирақ олар ҳәзирше изертлеўшилердиң ҳәр қыйлы басқышларында турыпты.

 

ӨзА