Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл 9-июльдеги пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки арасындағы стратегиялық шерикликти жолға қойыў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы үлкен хызметлери, сондай-ақ, республикада әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар бағдарламаларының нәтийжелилигин тәмийинлеўге, санаат ҳәм инфраструктура тармақларын модернизациялаў бойынша тийкарғы инвестициялық жойбарларға қосып атырған жеке үлеси ҳәм жәрдеми, мәмлекетте қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын қәлиплестириў процесслерин белсене қоллап-қуўатлағаны ушын Сума Чакрабарти «Дослық» ордени менен сыйлықланды.
Сума Чакрабарти 2012-жыл июльден 2020-жыл июльге шекем Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти лаўазымын басқарған Уллы британиялы мәмлекетлик хызметкер болып есапланады. Ол мәмлекет ҳәмелдарлары арасында ең жоқары рейтингке ийе болған хызметкер, десек алжаспаймыз.
С.Чакрабарти 1959-жылы Ҳиндстанның Батыс Бенгалияға қараслы Жалпайгури қаласында туўылған. Алдын Лондон сити мектеби, кейин Оксфордтағы Жаңа колледж, Сассекс университетлеринде оқыған. Оқыўды тамамлап, Уллы Британияның халықаралық раўажландырыў басқармасында жумыс баслаған. 1980-жылларда Британия ҳүкимети тәрепинен Халықаралық валюта фонды ҳәм Жәҳән банкине жиберилген. Лондонға қайтқанынан соң Сыртқы ислер министрлиги жанындағы сырт ел менен байланысларды раўажландырыў бойынша мәмлекет министрине жеке хаткер болып жумысқа кирди. Кейин ала Бас министр Тони Блэр ҳүкиметинде өндирис ҳәм инновациялар мәселелери бойынша жаңа орайлық бөлимшени шөлкемлестириўге жуўапкер етип тайынланды. Бир мүддет Патшалық ғазнасында да жумыс иследи.
2007-жылдан 2012-жылға шекем Уллы Британия әдиллик министрлигинде турақлы хаткер болып иследи. Қайсы лаўазымда болмасын, сэр Сума Чакрабарти ҳадал ислегени экспертлер тәрепинен атап өтилди.
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) президенти Сума Чакрабарти Өзбекстан менен қатнасықларын бәрқулла қәдирлеген. Оның усы лаўазымда Өзбекстанға еки мәрте сапар менен келгени оны тастыйықлайды.
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки бәрқулла өз жумысында бирге ислесиўди орнатпақшы болған мәмлекеттиң потенциалы, демократиялық қәдириятларға садықлығы ҳәм өткерилип атырған реформаларының избе-излигине итибар қаратады. Әйне Чакрабарти басшылығындағы делегация 10 жыллық тәнепистен соң 2017-жыл март айында Өзбекстанға сапар менен келгенин атап өтиў зәрүр. Себеби, 2016-жылдың ақыры, 2017-жылдың басларынан Өзбекстанда «реформалар самалы» есе баслады.
Сапар шеңберинде ЕТРБ делегациясы Өзбекстан менен қатнасықларды кеңейтиў жолларын көрип шығыў ушын мәмлекет басшысы менен сөйлесиўлер өткерди. Дурыс банк мәмлекетте 1993-жылдан берли ислеп, инвестициялар портфелине ийе еди, бирақ 2010-жылдан соң айырым себеплерге бола, жаңа операциялар өткерилмеген.
Бирақ, жаңа Өзбекстанның жаңа рефомалары мәмлекетимизге болған исенимди қайтарды. Азғана мүддети даўам еткен «тәнепис» сапластырылды. 2017-2018-жылларда Өзбекстан басшылығы ҳәм ЕТРБ арасындағы додалаўлар тийкарынан Өзбекстан экономикасының исбилерменликти ҳәм бәсекиге шыдамлылықты раўажландырыў бағдарындағы имканиятларын үйрениў, бул тараўда инвестиция ҳәм технологияларды тартыў сыяқлыларға қаратылды. Сондай-ақ, мәсләҳәт хызметлери, киши ҳәм орта бизнес, жасыл энергия ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға, регионда қазылма байлықлар қазып алыўға байланыслы жойбарларды қаржыландырыў, шегера алды саўданы раўажландырыў сыяқлы бағдарлар бойынша бирге ислесиўден өз-ара пайда бар екенлиги белгили болды.
«Өзбекстан Орайлық Азияның регионналлық бирге ислесиў ҳәм экономикалық раўажланыўдың табысы ушын әҳмийетли мәмлекет болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта банктиң бул жердеги инвестициялар портфели онша үлкен емес. Бирақ биз бир қатар перспективалы бағдарларды көрмектемиз. Олардың арасында регионналлық бирге ислесиў, мәсләҳәт хызметлери, киши кәрханаларды қаржыландырыў, жасыл энергия бар», – деген еди Сума Чакрабарти 2018-жылы мәмлекетимизге болған сапары алдынан.
2017-жыл март айында Ташкентте болып өткен ушырасыўдан кейин тәреплер биргеликте кең көлемли жумысларды әмелге асырып, дәслепки анық нәтийжелерге еристи. Сума Чакрабарти Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўында жаңа басқышта әмелге асырылып атырған, мәмлекеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежеси менен сапасын арттырыўға, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы жоқарылаўына хызмет етип атырған реформалар ҳәм өзгерислерди, экономикадағы либералластырыў процесслерин жоқары баҳалады. ЕТРБ басшысы Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели регионныллық бирге ислесиўди беккемлеў, Орайлық Азияда тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған басламалары үлкен әҳмийетке ийе екенин атап, оларды исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
ЕТРБның финанслық инвестициялары, бизнес хызметлери ҳәм мәсләҳәтлери мәмлекетимизде системалы реформаларды алып барыў ҳәм халқымыздың турмысын жақсылаўға хызмет етпекте. ЕТРБ президенти Сума Чакрабартидиң үлеси себепли нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылды. Оның жумысы даўамында Өзбекстан менен ЕТРБ арасындағы нәтийжели бирге ислесиўди интенсификациялаў басланды, өз-ара пайдалы байланыслар раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилди. Бирге ислесиў жыллары даўамында банк тәрепинен мәмлекетимизде экономиканың түрли тармақларында 78 жойбарды қаржыландырыў мақулланды, инвестициялар ҳәм кредитлердиң улыўма муғдары 1,85 миллиард евроны қурады.
Сума Чакрабартидиң ЕТРБға ағза раўажланып атырған мәмлекетлер алдындағы хызметлери шексиз. Ол Өзбекстанның түрли тараўлардағы, соның ишинде, экономика, санаат, социаллық сиясаттағы басламаларын белсене қоллап-қуўатлады. Санлар орнатылған бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин анық көрсетеди. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта банк мәмлекетимизде улыўма баҳасы 1,18 миллиард евроға тең 36 жойбарды әмелге асырыўда турақлы қатнаспақта. Олар тийкарынан, энергетика, турақ жай, коммунал хызмет көрсетиў, банк секторы ҳәм исбилерменликти раўажландырыў тараўларын қамтып алған. Усы басламалар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында қатты турмыслық шығынды майданларын рекультивациялаў ҳәм шөлкемлестириў, Самарқандта энергия нәтийжели арзан турақ жайлар қурыў, Сурхандәрья ҳәм Наманган ўәлаятларының суў тәмийнатын, Хорезм ўәлаятында регионналлық жолларды жақсылаў, физикалық ҳәм мәнаўий ескирген насос станцияларын модернизациялаў ҳәм алмастырыў және Ташкент ўәлаятында гидро жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Ҳәзирги ўақытта 2018-жылы қабыл етилген ЕТРБның 2018-2023-жыллар ушын Өзбекстандағы жумысының стратегиясы турмысқа енгизилмекте.
Сума Чакрабарти Өзбекстанда әмелге асырылып атырған өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели регионналлық бирге ислесиўди тереңлестириў, Орайлық Азияда тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған реформалардың әҳмийетли екенин көп мәрте атап өткен ҳәм банк үлкен өзгерислерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде бирге ислесиўди және де кеңейтиўге таяр екенин тастыйықлап келген. Ҳүрметли Чакрабартиниң бирге ислесиўге қосқан үлеси елимизде исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынлары жаратылыўына, суў ҳәм энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги артыўына, жол ҳәм турақ жайлар қурылысының кеңейиўине, улыўма, елимиздиң раўажланыўына хызмет етпекте.
Абдували СОЙИБНАЗАРОВ,
ӨзА