Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарары
«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының 9 ҳәм 16-статьяларына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Кенгаши
ҚАРАР ЕТЕДИ:
- Төмендегилер:
Бахром Абдувалиевич Тангабаев он жыл мүддеттке;
Ибрагим Мирзарахимович Алимов мүддетсиз дәўирге Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымына сайлансын.
- Төмендегилер:
Хуршид Искандарович Қосимов;
Алишер Абдухалимович Жалилов Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымынан азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2019-жыл 12-октябрьдеги СҚ-520-III-санлы Қарарының 1-бәнтиндеги «ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы» деген сөзлер шығарып таслансын.
- Усы Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Баслығы Т.НАРБАЕВА
Ташкент қаласы,
2020-жыл 13-июль