Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарары
«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының 9 ҳәм 16-статьяларына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Кенгаши
ҚАРАР ЕТЕДИ:
- Робахон Анваровна Махмудова 10 жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының биринши орынбасары лаўазымына сайлансын ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети баслығы лаўазымынан азат етилсин.
- Усы Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Баслығы Т.НАРБАЕВА
Ташкент қаласы,
2020-жыл 13-июль