USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЭКОНОМИКАНЫҢ ЭНЕРГИЯ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН АРТТЫРЫЎ ҲӘМ БАР РЕСУРСЛАРДЫ ТАРТЫЎ АРҚАЛЫ ЭКОНОМИКА ТАРМАҚЛАРЫНЫҢ ЖАНАР МАЙ-ЭНЕРГЕТИКА ӨНИМЛЕРИНЕ ҒӘРЕЗЛИЛИГИН АЗАЙТЫЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Жанар май-энергетика ресурсларынан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыўды хошаметлеў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин мәмлекет экономикасына кеңнен енгизиў, экономика тармақлары ҳәм халыққа электр энергиясы ҳәм нефть-газ өнимлериниң үзликсиз жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2020-жыл 1-августтан аймақлық электр тармақлары кәрханалары тәрепинен электр энергиясын жаңадан иске қосылатуғын қуяш, самал, биогаз электр станциялары, қуўатлылығы 1 МВт ға шекемги микро ҳәм киши гидроэлектрстанциялардан, соның ишинде, өз мүтәжликлери ушын ислеп шығарылған артықша электр энергиясын кепилленген тәризде сатып алыў бойынша тариф сатыў, тарқатыў ҳәм жеткерип бериў қәрежетлерин шегирип таслаған ҳалда II тариф топары тутыныўшылары дәрежесинде белгиленетуғынлығы;

санаат көлеминдеги (1 МВт ямаса оннан аслам) қайта тиклениўши энергия дәреклери (гидроэлектрстанциялардан тысқары) тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын потенциаллы инвесторларды анықлаў ашық-айдын аукцион (таңлаў) саўдалары арқалы әмелге асырылатуғынлығы;

2020-жыл 15-июльден 31-декабрьге шекем  750 кВАға шекемги қуўатлылықта жалғанған және қосымша үшинши сменаны шөлкемлестирген өним ислеп шығарыўшы ҳәм хызмет көрсетиўши тутыныўшылар (Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен тастыйықланған дизим бойынша) ушын түнги ўақыт – сутканың қараңғы ўақтында (бирден-бир электр энергетика системасының саат 22.00 ден 24.00 ке шекем ҳәм саат 00.00 ден 06.00 ға шекем болған минимал жүклемелер саатларында) пайдаланылған электр энергиясы бойынша есап-санақларда белгиленген тарифке салыстырғанда 1,5 есе муғдарда азайтыў коэффициенти қолланылатуғынлығы;

юридикалық тәреплер тәрепинен тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы ушын алдыннан төлем киргизиў ҳаққындағы мәжбүрий талапты 30 процентке шекем азайтыў имканияты мәмлекетлик кәрханалар ҳәм устав капиталындағы мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған юридикалық тәреплерге енгизилмейтуғынлығы;

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги Суў хожалығы министрлиги, «Өзбекгидроэнерго» АЖ ҳәм жергиликли ҳәкимият  уйымлары менен биргеликте потенциаллы инвесторларды тартыў мәселесин үйрениў ушын мәлимлемени өз рәсмий веб-сайтында жайластырыў және пайдаланыў мүмкин болған басқа да рәсмий усыллар жәрдеминде тарқатыў, соның ишинде, бизнес-илажларда қатнасыў ҳәм сырт елде «road-show»лар өткериў арқалы системалы тийкарда, бирақ жылына кеминде бир мәрте белгиленген қуўатлылығы 1 МВт ға шекемги микро ҳәм киши гидроэлектрстанциялар портфелин қәлиплестирилетуғынлығы белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

3,3 миллиард кВт саат электр энергиясы, 2,6 миллиард мтәбийғый газ ҳәм 16,5 мың тонна нефть өнимлерин үнемлеўди нәзерде тутатуғын 2020-2022-жылларда экономика тармақларында жанар май-энергетика  ресурсларын үнемлеўдиң мақсетли параметрлери 1-қосымшаға муўапық;

Экономика тармақларының ири энергия жумсаўшы кәрханаларында энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жанар май-энергетика ресурсларын үнемлеў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;

Жанар май-энергетика ресурслары улыўма жыллық пайдасы еки мың тоннадан аслам шәртли жанар май ямаса бир мың тоннадан аслам мотор жанар майы  болған кәрханаларды мәжбүрий энергетикалық тексериўден (энергия аудитинен) өткериўдиң 2021-2022-жыллар дәўирине мөлшерленген кестеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық шөлкемлериниң биринши басшыларына усы қарар менен тастыйықланған жанар май-энергетика ресурсларын үнемлеўдиң мақсетли көрсеткишлери ҳәм мәжбүрий энергетикалық тексериўлер өткериў кестесин орынлаў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. «Энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы менен бюджеттен тысқары Тармақлараралық энергияны үнемлеў қорын (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириў нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Қор Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң структурасына киреди ҳәм мәмлекетлик мәкеме түриндеги юридикалық тәреп есапланатуғынлығы белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Тармақлараралық энергияны үнемлеў қорының структурасы 4-қосымшаға муўапық;

Тармақлараралық энергияны үнемлеў қоры Бақлаў кеңесиниң қурамы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендегилер Қор қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

мәмлекетлик үлеси бойынша дивидендлер есабынан нефть-газ ҳәм электр энергетикасы тармақлары кәрханаларының сап пайдасынан 5 процент муғдарындағы өткермелер;

энергияны нормадан артықша пайдаланғаны ушын кәрханаларға қолланылатуғын арттырылған тарифлерден түсимлер;

жанар май-энергетика ресурсларынан пайдаланыўда анықланған ҳуқықбузарлықлар бойынша өндирилген экономикалық санкциялар суммасының 20 проценти;

кредитлер бериў ҳәм Қордың басқа да финанслық-хожалық жумысынан алынған пайда;

халықаралық финанс институтларының грантлары ҳәм кредитлери және донор шөлкемлердиң қаржылары;

қордың активлерин басқарыў, соның ишинде, бос қаржыларды банк мәкемелеринде депозит сыпатында жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

дүзилген  шәртнамаға муўапық қаржылай қоллап-қуўатлаўдан алынған пайданың бир бөлеги, онда оның суммасы көрсетилген хызметлер суммасының жигирма бес процентинен артпаўы зәрүр;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер белгиленсин.

  1. Қор қаржылары:

имаратлар ҳәм көп квартиралы жайларда энергияның нәтийжели технологияларын ҳәм тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларын енгизген ҳалда олардың энергия нәтийжелилигин арттырыўға, соның ишинде, ыссылықты қорғаўды жақсылаў бойынша жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарланыўын таярлаўды қаржыландырыў, сондай-ақ, энергия аудитин өткериўге;

энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлеўши технологияларды енгизиў және қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў бағдарында қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша оқыў орайларын шөлкемлестириў (имарат ҳәм комплекслерди қурыўдан тысқары) ҳәм семинарлар өткериўге;

қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмалары, ыссылық насослары, рекуператорлар, реактив қуўатлылықты тиклеўши қурылмалар (конденсатор батареялары), релени қорғаў ушын микропроцессор блоклары, частоталы өзгерткишлер ҳәм бир тегис иске қосыў қурылмаларын ислеп шығарыў бойынша стартап-жойбарларды қаржыландырыў, өндирис кәрханаларының устав қорлары (капиталлары) және кәрханалардың жойбарларын қәлиплестириўде қатнасыўға;

Қордың атқарыўшы  дирекциясын тәмийинлеў, оның хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў, сондай-ақ, оларды материаллық хошаметлеўге;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 22-августтағы «Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыўдың жедел илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4422-санлы  қарарының 6-бәнтинде көрсетилген илажларды өткериўге;

хожалық жүргизиўши субъектлерде энергия аудитин өткериў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша илажларды әмелге асырыўға;

қала транспортының жанар май-энергетика нәтийжелилигин жақсылаў, сондай-ақ, энергия қәрежетлерин азайтыў ушын транспорт ағымларын мәлимлеме ҳәм иммитациялық моделлестириў жойбарларын әмелге асырыў бойынша инновациялық илажларды өткериўге бағдарланатуғынлығы белгиленсин.

Энергетика министрлиги бир ай мүддетте бюджеттен тысқары Тармақлараралық энергияны  үнемлеў қорының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы реже жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Энергетика министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

а) бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын жанар май-энергетика ресурсларының тутыныўшыларын энергетикалық тексериўлерден өткериў қағыйдаларын қабыл етиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин:

энергетика тексериўлерин (энергия аудитин) өткериўди хошаметлеў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;

энергия аудиторын таңлаўдың базар механизмин енгизиў;

тарифлерди тәртипке салыў, соның ишинде, энергия аудити жуўмақларына бола усынысларды орынламаған кәрханалар ушын энергияны нормадан артық пайдаланғаны ушын арттырылған ставкаларды қолланыўдың нәтийжели механизмин жаратыў;

б) еки ай мүддетте 285 ири санаат кәрханасында энергия аудитин өткериў ушын жетекши компаниялар (жергиликли ҳәм халықаралық) тартылыўын тәмийинлесин ҳәм усы кәрханалардың дизимин кеңейтиў мәселесин көрип шықсын.

  1. Энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша жумысларды шөлкемлестириўди жеделлестириў, энергияны үнемлейтуғын технологиялар ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў мақсетинде еки ай мүддетте:

а) Министрлер Кабинети:

Өзбекстан Республикасы экономикасы тармақларында жанар май-энергетика ресурсларының жумсалыўын нормаластырыў ҳаққындағы режени;

Қайта тиклениўши энергия дәреклери тараўында аукцион саўдаларды өткериў регламентин;

б) Энергетика министрлиги:

Қайта тиклениўши энергия дәреклеринде ислеп шығарылған энергияны ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын есапқа алыў регламентин;

Қайта тиклениўши энергия дәреклердиң киши объектлеринен электр энергиясын сатып алыў ҳаққындағы шәртнаманың үлги түрин;

Қайта тиклениўши энергия дәреклеринде ислеп шығарылған энергия ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын сертификатластырыў регламентин;

Санаат көлеминдеги фотоэлектрик қуяш электростанцияларын жайластырыў регламентин тастыйықласын.

  1. Энергетика министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги;

а) үш ай мүддетте Энергетика министрлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын автоматластырылған Бирден-бир мәлимлеме системасын (кейинги орынларда – Бирден-бир мәлимлеме системасы) жаратыў бойынша техникалық тапсырманы ислеп шықсын:

ири санаат кәрханалары ҳәм экономиканың басқа да тармақларында жанар май-энергетика ресурсларының тутыныўын таллаў ҳәм прогнозластырыў;

энергия ислеп шығарыўшылардың (ири тутыныўшылардың) идентификация санын онлайн-режимде бериў ҳәм ислеп шығарылған (тутынған) энергия бойынша тийисли есабатларды электрон тәризде жибериўдиң әпиўайыластырылған механизми;

ислеп шығарылған (пайдаланған) энергияны есапқа алыў мағлыўматларын автоматластырылған тәризде жыйнаў, системаластырыў ҳәм таллаў, сондай-ақ, ири санаат кәрханаларының энергия нәтийжелилигин анықлаў;

қайта тиклениўши энергетика тараўында реверс аукцион онлайн-саўдаларын өткериў ушын қорғалған саўда майданшасын жаратыў;

б) 2021-жылдың ақырына шекем өндирис көлеми ҳәм финанслық көрсеткишлерин өз ишине алған зәрүр мәлимлемелердиң тармақлараралық электрон алмасыўын нәзерде тутқан ҳалда Бирден-бир мәлимлеме системасының иске қосылыўын ҳәм Электрон ҳүкимет пенен интеграцияласыўын тәмийинлесин;

в) Бирден-бир мәлимлеме системасынан алынған аналитикалық мағлыўматлар тийкарында жоқары энергия тутыныўына ийе кәрханаларды мәжбүрий энергия аудитинен өткериў механизмин енгизсин;

Бирден-бир мәлимлеме системасын жаратыў ҳәм иске қосыў шеңберинде төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги буйыртпашысы етип;

Қордың қаржылары, халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да сырт елли донорлардың грантлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржылар қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.

10.Энергетика министрлиги Қурылыс министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте:

үш ай мүддетте үлги турақ жайлар ҳәм социаллық объектлерде ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша қуяш системаларын орнатыў, сондай-ақ, жәмийетлик имаратларда энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша мақсетли бағдарламаны ислеп шықсын;

быйылғы жылдың 1-августынан көп қабатлы турақ жайларды қурыў ҳәм жойбарлаў шеңберинде заманагөй энергия үнемлейтуғын материаллар, энергия нәтийжели технологияларды қолланыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў бойынша қадағалаў системасын енгизсин. Қалаларда көп қабатлы коммерциялық турақ жайларды қурыўда усы талаплар мәжбүрий түрде қоллансын.

  1. Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Энергетика министрлиги, Қурылыс министрлиги жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте еки ай мүддетте төмендегилер бойынша мақсетли бағдарламаны тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын қарар жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:

2020-2022-жылларда республиканың барлық аймақларында имаратлардың ыссылық қорғалыўын арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларын енгизиў есабынан көп қабатлы турақ жайларда ысытыў ҳәм суўытыў талаплары ушын энергия тутыныўын төменлетиў;

тәбийғый газ тутыныўын азайтыў мақсетинде республикадағы қазанханаларда суў ысытыў ушын энергия нәтийжели қуяш системаларын орнатыў.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылардың есап-санақлары усынылыўына қарап халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет қаржы шөлкемлериниң жеңиллетилген кредит ресурслары, сырт елли донорлардың техникалық жәрдем қураллары (грантлары)ның тартылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.

  1. Бас министрдиң орынбасары – экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри Ж.А.Қўчқоров ҳәм Энергетика министрлиги (Султанов):

а) Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте жәҳән базарында баҳалардың өзгериўин есапқа алған ҳалда нефть-газ ҳәм электр энергетикасы тараўының кәрханалары  арасындағы өз-ара сатып алыў баҳаларын ҳәм дәраматты бөлистириў схемасын көрип шықсын;

б) Қурылыс министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги менен биргеликте сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда, алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында энергияны үнемлеў ҳәм энергия нәтийжелилиги тараўындағы нызам ҳүжжетлерин хатлаўдан өткерсин ҳәм 2020-жыл 1-ноябрьге шекем:

қайта тиклениўши энергия дәреклериниң энергия нәтийжелилиги тараўын жедел раўажландырыў ушын қосымша шараятларды жаратыўшы механизмлер;

экономика тармақлары, имарат ҳәм объектлер, сондай-ақ, социаллық тараўда энергия үнемлигили ҳәм энергия нәтийжелилигин тәмийинлеў нормаларын белгилейтуғын «Энергия үнемлилиги ҳәм энергия нәтийжелилиги ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Экономика тармақларының энергия нәтийжелилигин арттырыў, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды раўажландырыў, сондай-ақ, климат өзгериўиниң ақыбетлерине бейимлесиў ҳәм оларды жумсартыў, тәбийғый ресурлардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тәбийғый экосистемаларды қорғаў бойынша барлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, соның ишинде, мәмлекетти раўажландырыў бағдарламалары ҳәм инвестициялық бағдарламалардың жойбарлары Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен мәжбүрий түрде келисиўи керек екенлиги белгиленсин.
  2. Экономика тармақларының жанар май-энергетика өнимлерине ғәрезлилигин қысқартыў бойынша ўазыйпаларды нәтийжели муўапықластырыў ҳәм орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Санаат ҳәм оның базалық тармақларын ҳәм кооперация байланысларын раўажландырыў мәселелери департаменти структурасына энергия нәтийжелилиги ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша бас қәнигениң бир қосымша штат бирлиги киргизилсин.
  3. Энергетика министрлиги, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 10-июль