Жаңа түрдеги коронавирустан саўалып кеткенлердиң саны дүнья жүзи бойынша 7 миллион адамнан артты, деп мәлим етти Жонс Хопкинс университети. (Бул изертлеў орайы федерал ҳәм жергиликли ҳүкимет, сондай-ақ ҒХҚ ҳәм басқа да дәреклер тарқатқан мағлыўматларды улыўмаластырып барады.)

Университеттиң мағлыўматларына бола, ҳәзирги ўақытта COVID-19 инфекциясынан пүткиллей саўалып кеткенлердиң саны дүнья жүзи бойынша 7 миллион 5 мың 452 адамға жеткен. Пандемия 565 мың 178 наўқастын өмирин алып кетти.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң соңғы мағлыўматлары бойынша, ҳәзирги ўақытқа шекем дүнья жүзи бойынша жәми 12 миллион 720 мың 28 адамның коронавирусқа шалынғаны анықланған.

 

ӨзА