Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Соңғы жыллары жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў, суў хожалығы объектлерин модернизациялаў ҳәм раўажландырыў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, глобал климаттың өзгериўи, халық санының ҳәм экономика тармақларының өсиўи, олардың суўға болған талабы жыл сайын артып барыўы себепли суў ресурсларының жетиспеўшилиги жылдан-жылға күшейип бармақта.
Пайдаланылған орташа жыллық суў муғдары 51-53 миллиард куб метрди, соның ишинде, 97,2 проценти дәрья ҳәм сайлардан, 1,9 проценти коллектор тармақларынан, 0,9 проценти болса жер астынан пайдаланып, ажыратылған суў алыў лимитине салыстырғанда 20 процентке қысқарған.
Республикада 2020-2030-жыллары халықты ҳәм экономиканың барлық тармақларын суў менен турақлы тәмийинлеў, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, суў хожалығына базар принциплерин ҳәм механизмлерин және санлы технологияларды кеңнен енгизиў, суў хожалығы объектлериниң исенимли ислеўин тәмийинлеў және жер ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясы (кейинги орынларда-Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясында белгиленген ўазыйпаларды 2020-2022-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол карта»сы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Концепцияның тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
суў ресурсларын болжаў, олардың есабын жүргизиў ҳәм мағлыўматлар базасын қәлиплестириў системасын жетилистириў және ашық-айдынлығын тәмийинлеў;
суў хожалығы объектлерин (ишимлик ҳәм ақаба суў системасынан тысқары) модернизациялаў ҳәм раўажландырыў, ири суў хожалығы объектлерин басқарыўды санлы технологиялар тийкарында автоматластырыў, электр энергиясы ҳәм басқа да ресурсларды үнемлейтуғын заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў, тараўға сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў және ажыратылып атырған қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;
суў сақлағышлар, сел-суў сақлағышлары ҳәм басқа да суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин ҳәм исенимли ислеўин тәмийинлеў;
суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў, суўдан пайдаланыў ҳәм суўды тутыныў есабын жүргизиўде «Smart Water» («Ақыллы суў») ҳәм сол сыяқлы санлы технологияларды енгизиў;
аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларының енгизилиўин және де кеңейтиў ҳәм мәмлекет тәрепинен хошаметлеп барыў, бул тараўға сырт ел инвестициялары менен грантларын тартыў;
суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм турақлылығын тәмийинлеў, жерлердиң өнимдарлығын арттырыўға жәрдемлесиў, топырақтың шорланыў дәрежесин азайтыў ҳәм оның алдын алыў бойынша нәтийжели технологияларды қолланыў;
суў хожалығында базар экономикасы принциплерин, атап айтқанда, суўды жеткериў қәрежетлериниң бир бөлимин басқышпа-басқыш суў тутыныўшылары тәрепинен қаплаў системасын енгизиў, түскен қаржыларды суў хожалығы объектлерин өз ўақтында сапалы оңлаў-тиклеў, санлы технологияларды енгизиў және нәтийжели басқарыўға бағдарлаў;
суў хожалығында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм аутсорсингти енгизиў, өз алдына суў хожалығы объектлерин фермер, кластер ҳәм басқа да шөлкемерге пайдаланыў ушын бериў және үнемленген қаржыларды суў хожалығы объектлерин модернизациялаў ҳәм хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеўге ҳәм хошаметлеўге бағдарлаў;
суў ресурсларын интеграцияласқан ҳалда басқарыў принциплерин енгизиў, халықты суў менен кепилликли тәмийинлеў, экономика тармақларына суўды турақлы жеткерип бериў, суўдың сапасын жақсылаў ҳәм қоршаған орталықтың экологиялық тең салмақлылығын сақлаў;
трансшегаралық суў ресурсларынан пайдаланыў мәселелери бойынша мәмлекетлераралық қатнасықларды раўажландырыў, Орайлық Азия еллериниң мәплери арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлейтуғын суў ресурсларын биргеликте басқарыўдың өз-ара альтернатив механизмлерин ҳәм суўдан нәтийжели пайдаланыў бағдарламаларын ислеп шығыў және алға қойыў;
суў хожалығы тараўы ушын маман кадрларды таярлаў, хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў, билимлендириў, илим ҳәм өндирис тараўлары арасындағы өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў және илим жетискенликлерин ҳәм нау-хауларды енгизиў.
Концепцияны оның тийкарғы бағдарлары ҳәм тийисли дәўирге мөлшерленген мақсетли параметрлери менен көрсеткишлеринен келип шығып, ҳәр үш жылда тастыйықланатуғын Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыў стратегиялары арқалы басқышпа-басқыш әмелге асырыў белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Концепцияда белгиленген тийкарғы бағдарларды әмелге асырыў арқалы 2030-жылға шекем төмендеги көрсеткишлерге ерисиўди тәмийинлесин:
cуўғарыў системаларының пайдалы жумыс коэффициентин 0,63 тен 0,73 ке шекем арттырыў;
суў тәмийнаты төмен дәрежеде болған суўғарылатуғын жер майданларын 560 мың гектардан 190 мың гектарға шекем азайтыў;
шорланған суўғарылатуғын жер майданларын 226 мың гектарға азайтыў;
Суў хожалығы министрлиги системасындағы насос станцияларының жыллық электр энергиясы пайдаланыўын 25 процентке азайтыў;
барлық ирригация системасы объектлерине «Smart Water» («Ақыллы суў») суў өлшеў ҳәм қадағалаў қурылмалары орнатылып, суў есабын жүргизиўде санлы технологияларды енгизиў;
100 ири суў хожалығы объектлеринде суўды басқарыў процесслерин автоматластырыў;
аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда суўды үнемлейтуғын технологиялар менен қамтып алынған жерлердиң улыўма майданын 2 миллион гектарға шекем, соның ишинде, тамшылатып суўғарыў технологиясын 600 мың гектарға шекем жеткериў;
cуў хожалығында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында 50 жойбарды әмелге асырыў.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги:
а) бир ай мүддетте усы Пәрманда нәзерде тутылған ўазыйпалардың толық ҳәм өз мүддетинде орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Суў хожалығы системасындағы республикалық бюджеттен қаржыландырылатуғын шөлкемлерге ажыратылған улыўма шекленген хызметкерлер саны шеңберинде 4 штат бирлигинен ибарат жуўапкер басқарма шөлкемлестирилсин және сырт ел экспертлериниң тартылыўын тәмийинлесин.
Сырт ел экспертлерин тартыў министрликтиң бюджеттен тысқары және халықаралық финанс институтларының грант ҳәм техникалық жәрдем қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин;
б) cуў хожалығын раўажландырыў жойбарларын қәлиплестириўде халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлеринен қаржы тартыўда мәмлекет сыртқы қарызы ушын орнатылатуғын жыллық өлшемлер тийкарында белгиленген тәртипте усынысларды киргизип барсын;
в) халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлеринен тартылған қаржылар есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр жылдың жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын.
- Аўыл хожалығы егислик жерлерин өз балансына алған кластерлерге бул жерлерде жайласқан cуў хожалығының объектлерин басқарыў бағдарындағы Суў хожалығы министрлигиниң функцияларын аўыл хожалығы жер ийелерине мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында өткериў тиккелей сөйлесиўлер тийкарында әмелге асырылыўына руқсат берилсин.
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Суў хожалығы министрлиги балансында болған cуў хожалығы объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында жеке меншик секторға бериў бойынша объектлер дизимин Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги системасындағы насос станцияларының электр энергиясынан пайдаланыўын басқышпа-басқыш азайтыў және cуў хожалығында базар экономикасы принциплерин аутсорсинг ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў есабынан үнемленетуғын қаржылар суў қурылмаларын модернизациялаў, суў хожалығы шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын жетилистириў ҳәм хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысын басқышпа-басқыш арттырыўға жумсалады.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем cуў хожалығы системасындағы басшы ҳәм қәниге хызметкерлердиң маманлығын арттырыў системасын жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин, онда:
үзликсиз маманлық арттырыў процесслерин шөлкемлестириў түрлерин, тәртибин ҳәм басқышларын, сондай-ақ, қаржыландырыў дәрегин анық белгилеў;
cуў хожалығы басшы хызметкерлериниң үзликсиз түрде қәнигелигин арттырып барыў ҳәм аттестациядан өткериў, оларға турақлы түрде кәсиплик өзин-өзи раўажландырып барыў имканиятын беретуғын үзликсиз маманлығын арттырыў системасын әмелиятқа енгизиў өлшемлерин есапқа алынсын.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына:
Концепцияның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыў;
әмелге асырылған жумыслар ҳаққында министрликлер ҳәм уйымлар және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимлериниң мәлимлемелерин ҳәр шеректе Сенат, Нызамшылық палатасы ҳәм тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси және халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслери мәжилислеринде тыңлап барылыўын тәмийинлеў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте усы Пәрманның мазмун-мәниси менен мақсет ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усынысларды киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Ў.И. Барноевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 10-июль