Японияның робот ислеп шығарыў менен шуғылланып киятырған компаниясы, ийесиниң сөзлерин басқа тиллерге аўдарып беретуғын нықап жаратты, деп хабар етеди Travel and Leisure.

Нықап тек ғана ийесин корнавирустан қорғап ғана қоймастан, ал оның сөзлерин дүньяның тоғыз тилине аўдарып та береди. Инглис, Француз, Индонезия, Испан, Япон, Қытай, Корейс, Таиланд ҳәм Вьетнам тиллерин билетуғын бул нықап қосымша арқалы Bluetoothда смартфонға жалғанады.

Жобаға бола, жаңа ойлап табыў сентябрьден сатыўға шығарылады.

Нықап дәслеп тек ғана Японияның өзинде сатылады, кейин ала Қытай, Европа ҳәм АҚШ базарларына шығарылады. Хабарда аўдармашы нықаптың баҳасы 40 доллар туратуғыны айтылмақта.

 

ӨзА