«Барселона»ның аргентиналы ҳүжимшиси Лионель Месси президент Жозеп Бартомеуден наразылығы себепли клуб пенен жаңа шәртнама бойынша сөйлесиўлерди тоқтатты. Бул ҳаққында «Goal.com» хабар берди.

Дәрекке бола, футболшы команданы тәрк етиў нийети жоқ. Шәртнаманы созыўдан бас тартыў арқалы клуб президентине исенбейтуғынын көрсетпекши.

3-июль күни Мессидиң клубтағы орталықтан шаршағаны белгили болды. Оның «Барселона» менен әмелдеги шәртнамасы  2021-жылы жуўмақланады.

4-июльдеги хабарға бола, Месси каталониялылар қатарын тәрк ететуғын болса, «Манчестер Сити»ға өтиўи мүмкин.

Лионель 2004-жылдан берли «Барселона»ның абырайын қорғап келмекте. Команда менен бирге, 10 мәрте Испания чемпионы, 6 мәрте Испания кубогиниң ийеси ҳәм 4 мәрте Чемпионлар лигасының жеңимпазы болған. Буннан тысқары, Месси 6 мәрте «Алтын топ»ты қолға киргизген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги