USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

СУД ӘМЕЛИЯТЫНЫҢ ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектебинде суд әмелиятының әҳмийетли мәселелерине бағышланған халықаралық конференция өткерилди.

Мәмлекетте нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, сондай-ақ, суд ҳәкимиятының шын мәнисинде еркинлигин және пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў реформалардың тийкарғы нормасы есапланады. Республикамызда  бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар жеделлескен. Бирақ айырым бағдарларға және де итибар қаратыў зәрүр.

Президентимиздиң басшылығында 30-июнь күни болып өткен әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде де бул ҳаққында  атап өтилди.

Халықаралық конференцияда видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалар ҳаққында да пикир алысылды.

– Инсан әдил турмыс тәризине, өмир жолларында хақыйқат  жүзеге шығыўына умтылып, дүньяға көзқарасларымыз әдиллик излейди, – дейди Судьялар жоқары мектебиниң тыңлаўшысы Наргиза Шарипова. – Суд-ҳуқық  системасы болса әне усы әрманларды жүзеге шығарыў, жәмийетте әдилликтиң турақлылығына жуўапкер болып есапланады. Судлар әдил ҳүкимлер шығарып, нызамлардың үстинлигин жоғалтпайды. Күни кеше Президентимиздиң басшылығында өткерилген мәжилисте бир мәселеге айрықша әҳмийет берилди, енди судьяларға жумысынан ажыралмаған ҳалда сыртқы магистратура бағдарында  билим алыў имканияты жаратылмақта. Бул болса судьялардың илимий потенциалын және де арттырыўға хызмет етиўи гүмансыз. Себеби, көп жағдайларда судьялар ўазыйпаларына тайынланғаннан соң илим менен шуғылланыўы оғада қыйын болатуғын еди. Енди сыртқы магистратура курслары турақлы жумыс пенен шуғылланып атырған судьяларға әмелияттан ажыралмаған ҳалда илим менен шуғылланыў имканиятын береди.

Конференцияда Япония Әдиллик министрлиги Халықаралық бирге ислесиў департаментиниң ўәкили судья Куроки Коута, Нагоя экономика универститетиниң профессоры Ичихаши Кацуя, ЮНИСЕФ халықаралық шөлкеминиң эксперти Сафинас Ахаева, сондай-ақ, ҳәкимшилик, жынаят ҳәм экономикалық суд ислерин жүргизиў тараўында жумыс ислеп атырған  бир қатар миллий экспертлердиң баянатлары тыңланды.

Конференция онлайн видеоконференцбайланыс режиминде жалпы ҳәм еки секция мәжилиси түринде өткерилди. Атап айтқанда, «Суд әмелияты: сырт ел ҳәм миллий тәжирийбе» атамасындағы жалпы мәжилисте ҳәкимшилик акт ҳәм оны ҳәкимшилик уйым басламасы менен бийкарлаўдағы айырым шеклеўлер, ҳәкимшилик суд ис жүргизиўинде судқа мүрәжат ететуғын шахслар шеңбери – үшинши шахсларды таллаў мысалында, жас өспиримлерди жынаят судлаў шеңберинен шығарыў тәжирийбеси, прокурор тәрепинен процессуал нызамшылықты қолланыў мәселелери додаланды.

Буннан кейин, конференцияның жумысы секция мәжилислеринде даўам еттирилди.

Баянатларда жынаят ислери жургизиўинде бийпул юридикалық жәрдем институтын жетилистириў, миллий назымшылыққа дәслепки суд додалаўын енгизиў, жынаят процессинде тергеў судьясы институтын енгизиў мәселелери додаланды. Соның менен бирге, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексти жетилистириў, ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиўде прокурордың қатнасыўы, ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиўди жетилистириў, судлаўға тийислиликти белгилеўдиң тийкарғы нормасы сыяқлы мәселелер додалаў орайында болды.

Илаж соңында халықаралық ҳәм миллий экспертлер суд ҳәм нызамды қолланыў әмелиятын жетилистириў мәселелеринде конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы