Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-июль күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Владимир Путинди әҳмийетли сиясий илаж – Россия Федерациясының Конституциясына дүзетиўлер киргизиў бойынша улыўма миллий даўыс бериў процесиниң табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Президентлер фашизм үстинен ерисилген Жеңистиң 75 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда Өзбекстан Республикасы делегациясының қатнасыўы шеңберинде Москва қаласында өткен еки тәреплеме ушырасыўдың жемисли нәтийжелерин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан – Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды буннан былай да беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Болажақ жоқары дәрежели сапар етиўлер күн тәртибиндеги мәселелерге, сондай-ақ, коронавирус инфекциясының глобаллық көлемде тарқалыўының мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық байланысларға унамсыз тәсирин азайтыў бойынша өз-ара муўапықласқан илажларды даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиў ўақтында халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммитлерине таярлық көриў және оларды өткериў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў ҳәр қашанғыдай қызғын, ашық ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА